«Mening fikrim» жәмийетлик мүрәжатлар порталында Әмиўдәрья үстинен автомобильлер ушын көпир қурыў бойынша петиция жәрияланды. Бул ҳаққыгда Kun.uz хабар берди.

Мүрәжатта атап өтилиўинше, Әмиўдәрья районы Қыпшақ посёлкасында Әмиўдәрья үстинен көпирдиң қурылыўы районның 200 мың халқы ҳәм Хорезм ўәлаяты халқына көплеген қолайлықлар жаратады.

«Ҳәзирги ўақытта пайдаланылып киятырған «пантон» көпир қәўипсизлик талапларына толық жуўап бермейди. Ҳәр күни көплеген ҳәрекетлениўшилер усы көпир арқалы өтеди. Дәрьяда суў көбейсе ямаса кемейсе, кепсерленген жерлери бузылса көпир хызметинде үзилислер болады. Халық көпирдиң ислеп кетиўин саатлап күтип отырыўына туўра келеди, бәҳәрде муз ериген ўақытта көпирден пайдаланыў бир неше күнге тоқтап қалады. Халық ушын жол кирей баҳасы да көтерилип кетеди. Көпир хызмети ушын хызметкерлер, оңлаў жумыслары ушын да көплгене қаржы сарпланып келинбекте», – деп жазады мүрәжат авторы.

Мәлим етилиўинше, жаңа көпир қурылысы экономиканың өсиўи ҳәм экспорт потенциалының артыўына хызмет етеди. Сондай-ақ, басқа ўәлаятлардан да өним ҳәм товарларды Түркменстан Республикасына экспорт етиў ушын жол қәрежетлери ҳәм ўақытта бир қанша қысқартады. Туристлик жөнелисинде бир қанша қолайлықларды жаратады. Сондай-ақ, және көплеген имканиятлар да жаратылыўы мүмкин.

«Жоқарыдағы атап өткенлерди есапқа алған ҳалда, Қыпшақ посёлкасында Әмиўдәрья үстинен автомобильлер ушын көпир қурылыўын усыныс етемен», – деп жазылған петицияда.

Мағлыўмат ушын, мүрәжат көрип шығылыўы ушын 5 мың даўыс топланыўы керек. Бул петицияға 88 күн ишинде даўыс бериў мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.