2018-жылы Россиядан Өзбекстанға 4 миллиард доллар муғдарында пул өткермелери жиберилген. Бул ҳаққында Россия Орайлық банки мағлыўматларына тийкарланып Kun.uz хабар берди. Бул көрсеткишке муўапық, Өзбекстан ҒМДА мәмлекетлери арасында биринши орынды (екинши орында Тәжикстан – 2,5 миллиард доллар) ҳәм барлық мәмлекетлер арасында екинши орынды (биринши орын Швейцария – 9,1 миллиард доллар) ийелеген.

Өзбекстанға бир мәрте пул өткериўдиң орташа муғдары 366 долларды қурады. Улыўма 4 миллиард доллардың 1,1 миллиард доллары Россия Федерациясының резидентлери тәрепинен жиберилген, қалған 2,9 миллиард доллар резидент емеслер (Өзбекстан ҳәм қоңсылас мәмлекетлердиң пуқаралары) үлесине туўра келеди.

Өткен жыллар менен салыстырғанда, Россиядан Өзбекстанға пул өткермелериниң муғдары артып баратырғанын көриў мүмкин – 2017-жылы 3,9 миллиард доллар, 2016-жылы 2,7 миллиард доллар, 2015-жылы 3 миллиард доллар. Ең үлкен көрсеткиш 2014-жылға туўра келген – 5,6 миллиард доллар.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги