Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми темеки өнимлерин спорт жарысларына қәўендерлик етип, реклама етилиўине шек қойыў зәрүрлигин атап өтпекте.
2003-жылы Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен темеки өнимлерин пайдаланыўға қарсы гүресиў мақсетинде тийкарғы конвенция ислеп шығылған. 2005-жылы күшке кирген конвенцияға ҳәзирги ўақытта дүньяның 180 мәмлекети ағза болған.
Шөлкем экспертлериниң атап өтиўинше. бир қатар мәмлекетлерде темеки өнимлерин спорт илажларындағы қәўендерлиги ҳәм рекламасына қойылған шеклеўлерге қарамастан, темеки ислеп шығаратуғын компаниялар спорт жарыслары, атап айтқанда «Формула-1» спорт илажларында белсене қатнасып келмекте. Спорт илажларындағы қәўендерликти қолға алған темеки ислеп шығаратуғын компаниялар реклама арқалы өнимлерин тек ғана спорт ойынлары өткерип атырған елде емес, ал оған келетуғын ҳәм жарыс илажы трансляция етилетуғын мәмлекет халқына кеңнен үгит-нәсиятлаў имканиятына ийе болады.
БМШ, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм бир қатар халықаралық және миллий шөлкемлер менен биргеликте темеки өнимлериниң рекламасына қарсы илажлар әмелге асырылмақта. Усыған қарамастан, жақында «Бритиш Американ Тобакко» темеки өнимлерин ислеп шығаратуғын компаниясы «Формула-1» спорт жарысларының белсенди қатнасыўшысы «Макларен» командасы менен, «Филип Моррис Интернэшнл» компаниясы «Феррари» автомобиль ҳәм «Дукати» мотоцикл ислеп шығаратуғын компаниялары менен ири бирге ислесиў шәртанамасын дүзген.
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң экспертлери спорт жарысларында темеки өнимлери рекламасының қадаған етилиўи жолындағы ҳәрекетлерде мәмлекетлердиң ҳүкиметлерин жуўапкер деп есаплап, усы қадағалаў нормасы бузылған жағдайда жарыстың эфирде көрсетилиўи бийкарланыўы бойынша ескертпекте.
Зуҳра Мирзабоева, ӨзА