Усы жыл 13-март күни Беруний районының «Қызылқала» аўыл пуқаралар жыйынында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың пуқараларды көшпели қабыллаўы болды.

Илажға министрликлер менен ведомстволардың, ҳуқық қорғаў уйымларының, район ҳәкимлигиниң басшылары, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен жолға қойылған бундай қабыллаўлар тек қала ҳәм район орайларында емес, ал, шетки аўылларда да шөлкемлестирилмекте. Бул болса, мүрәжат етиўши пуқараларымызға бираз қолайлықлар туўдырыў менен бир қатарда, олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған ҳәр қандай машқаланың сол жердиң өзинде шешилиўин тәмийинлейди.

Район орайынан узақта жайласқан аўыл пуқаралар жыйынында өткерилген көшпели қабыллаўға жәми 24 пуқара тийкарынан коммуналлық хызмет көрсетиў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин қурыў, турақ жай менен тәмийинлеў сыяқлы мәселелерде мүрәжат еткен болса, соннан тоғызы сол жердиң өзинде шешимин тапты.  Қалғанлары тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың пуқараларды көшпели қабыллаўы Елликқала районында да болып өтти.

Усы күни улыўма билим бериў мектеплери, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм емлеў мәкемелерин қурыў ҳәм оңлаў, коммуналлық хызмет көрсетиўдеги машқалалар, медициналық хызмет көрсетиў, кредит алыў, жер орынларын ажыратыў сыяқлы мәселелерде 18 пуқара мүрәжат етти. Мәселен, райондағы «Чўпон» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Шухрат Қаландаров баласы Шахзод Сапарбаевқа Ташкент қаласында операция ислетиў ушын ордер сорап мүрәжат еткен болса, «Гулистан» аўылында жасаўшы Шерипа Сейтимбетова 37-санлы улыўма билим бериў мектебинде бүгинги күни оқыў үш сменада алып барылып атырғанлығы себепли қосымша оқыў бөлмелерин қурыўда жәрдем сораған. Пуқаралардың ҳәр бир мүрәжатының шешими тийисли тараў басшылары тәрепинен қадағалаўға алынды.

-Өзим жасайтуғын «Сарабий» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан стоматология клиникасын ашыў ушын жер орнын сорап мүрәжат еттим,-дейди Худоёр Нарбаев.-Республикамыз басшысы мениң бул басламамды қоллап-қуўатлап, район басшылары тәрепинен тийисли жәрдем берилетуғынын билдирди. Мақсетим, халқымыздың алысын жақын етип, оларға сапалы медициналық хызмет көрсетиў болып табылады.

Көшпели қабыллаўға Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Халимов қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.