Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен жынаят процеси қатнасыўшыларының хуқықлары қорғалыўын тәмийинлеў тараўындағы жумысына байланыслы нызам ҳүжжетлери буннан былай да жетилистирилмекте.

Олий Мажлис Сенатының он сегизинши жалпы мәжилисинде додаланған «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жынаят процеси қатнасыўшыларының ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеўге байланыслы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам усы мақсетке қаратылған.

Бул ҳүжжет 36 статьядан ибарат болып, Өзбекстан Республикасының 24 нызамы ҳәм 8  кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Видеоконференцбайланыс режиминдеги тергеў ҳәрекетлерин cорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса судтың тийисли қарары тийкарында қандай жағдайларда өткерилиўи белгиленбекте.

Буннан тысқары, түри өзгертилген (қарайтылған) айналы транспорт қуралларынан рухсатсыз пайдаланғанлығы, сондай-ақ, басқа жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын жуўапкершиликти күшейтиў мақсетинде Административлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерислер киргизилмекте.

Сенаторлар нызамның қабыл етилиўи нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердеги түсиниклер ҳәм терминлер нызам ҳүжжетлеринде қабыл етилген мәнислерине муўапық бир түрде қолланылыўын тәмийинлеўге, тергеўге шекем тексериў, сорастырыў механизмлерин буннан былай да жетилистириўге жәрдемлесетуғынын атап өтти.

 

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

А.Мусаев, ӨзА