Пайтахтымыздағы «Өзбекистан» халықаралық әнжуманлар сарайында 3-ноябрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Ҳүкимет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.
Мәжилис ҳүкимет басышыларының тар шеңбердеги ушырасыўы менен басланды. Онда Армения Бас министри Карен Карапетян, Беларусь Бас министри Андрей Кобяков, Россия Ҳүкимети баслығы Дмитрий Медведев, Тәжикстан Бас министри Қоҳир Расулзода, Өзбекистан Бас министри Абдулла Арипов, Әзербайжан Бас министриниң биринши орынбасары Ёқуб Эюбов, Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары Эсанмурат Оразгелдиев, Молдовияның ҒМДА уставы шеңбериндеги ҳәм басқа да уйымлары жанындағы толық ҳуқықлы ўәкили Виктор Сороган қатнасты. Мәжилисте ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев те қатнасты. Ҳүкимет басшылары Дослық Аўқамы еллери арасындағы өз-ара байланыслардың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысты.
ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңеси Дослық Аўқамы еллери атқарыўшы ҳәкимиятларының экономикалық-социаллық салалардағы бирге ислесиўин раўажландырыўды муўапықластыратуғын уйым болып табылады.
Ҳүкимет басшылары кеңеси ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесиниң тапсырмаларын әмелге асырады, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларын раўажландырыў ҳәм оларды қаржыландырыў бойынша биргеликте бағдарламалар қабыл етеди. Буннан тысқары, транспорт, байланыс ҳәм энергетика системаларын раўажландырыў, тариф, кредит-қаржы ҳәм салық сиясатына байланыслы мәселелер бойынша бирге ислесиў, илимий-технологиялық мәканды жаратыўға қаратылған механизмлерди ислеп шығыўға бағдарланған.
Өзбекистан Ғәрезсизлик Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына кең қамтыўлы әҳмийетли мәселелер бойынша ашық-айдын ҳәм исенимли пикир алысыў платформасы сыпатында қарайды. Елимиз шөлкемде бир қатар бағдарлар, соның ишинде, саўда, инвестициялар, таранспорт, туризм, илим, билимлендириў, қәўипсизлик сыяқлы салалар бойынша өз қатнасын жаңа сапа басқышына көтериўди режелестирген.
Ташкентте биринши мәрте өткерилген ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңесиниң мәжилисинде ағза мәмлекетлердиң арасында саўда-экономикалық қатнасықларды раўажландырыўға байланыслы 20 ға шамалас мәселе көрип шығылды.
Кеңейтилген қурамдағы додалаўларда Ҳүкимет басшылары халықаралық картеллерге қарсы нәтийжели гүресиўде дүнья жәмийетшилигиниң күшлерин бирлестириўге байланыслы баянатты додалады. Баянатта ҒМДА мәмлекетлеринде халықаралық картеллерге қарсы гүресиўде жағдайды жақсылаў бойынша илажлар нәзерде тутылған. Қатнасыўшылар Дослық Аўқамы еллери экономикасының турақлы өсиўинде биргеликтеги илажларды әмелге асырыўдан мәпдар екенин атап өтти.
Ҳүкимет басшылары 2011-жыл 18-октябрьде қабыл етилген Еркин саўда зонасына байланыслы шәртнама режелериниң орынланыўына байланыслы мағлыўматты көрип шығып, шәртнамада саўда тартысларын шешиў бойынша нәзерде тутылған механизмлер тәреплердиң шәртнама бойынша өз миннетемелериниң орынланыўына байланыслы келиспеўшиликлерди тәртипке салатуғын өз-ара пайдалы нәтийжели қурал есапланатуғынын атап өтти.
Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлердиң нефть ҳәм газ машина қурылысы, мелиорация ҳәм товарлардың бажыхана баҳалары мәселелери сыяқлы тараўлар бойынша бирге ислесиў, соның ишинде, олардың орынланыўына байланыслы дәслепки илажлар режеси қоллап-қуўатланды.
Додалаўларда Дослық Аўқамы уйымларының 2017-жылғы бирден-бир бюжетине өзгерислер киргизиў, ҒМДА уйымларының 2018-жылғы бирден-бир бютжетин тастыйықлаў және бас прокурорлар муўапықластырыўшы секратариатының жумысын ҳәм ҒМДА қатнасыўшылары мәмлекетлераралық инсаныйлық бирге ислесиў фонды уйымларының жумысын тәмийинлеўде ағза мәмллекетлердиң үлеслик төлемине өзгерислер киргизиўге байланыслы мәселелер үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Товарлардың бажыхана баҳасын белгилеў ҳәм қадағалаў ушын зәрүр болған мағлыўмат алмасыў бойынша келисим жойбары Дослық Аўқамы мәканында экономикалық байланысларды раўажландырыў ушын әҳмийетли болып табылады. Усы ҳүжжет ағза мәмлекетлердиң бажыхана шегаралары арқалы өтетуғын товарлардың декларацияланған бажыхана баҳасының исенимлилигин тәмийинлеўде бирге ислесиўди беккемлеўге бағдарланған.
Бажыхана төлемлерин төлеўден бас тартыў ҳәрекетлерине қарсы гүресиўге қаратылған ҳүжжет ҒМДА мәмлекетлери шегараларынан өтетуғын товарлардың бажыхана нырқын нәтийжели қадағалаў имканиятын береди. Ҳүкимет басшылары усы ҳүжжетти мақуллады.
Экономикалық бөлимнен ҒМДА аймағында еркин саўда режимине тиккелей байланыслы болған және бир ҳүжжет орын алған болып, бул 2009-жыл 20-ноябрьде қабыл етилген товарлар ислеп шығарылған елди анықлаў қағыйдаларына байланыслы келисимге өзгерис киргизиўге байланыслы баянлама болып табылады.
Мәжилисте ҒМДА шеңберинде терроризм, экстремизм, сондай-ақ, оларды қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша ағза мәмлекетлер арасында мағлыўмат алмасыўын жолға қойыў мәселелери додаланды.
Өткен жыллар даўамында ҒМДА аймағында заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, регионды турақлы экономикалық раўажландырыўды тәмийинлеў, социаллық-мәдений салада бирге ислесиўди кеңейтиў ушын әҳмийетли шәртнамалық-ҳуқықый тийкар жаратылғаны белгили.
Ағза мәмлекетлер арасында ведомстволараралық мағлыўматларды алмасыў, оның ҳуқықый тийкарлары, мәлимлеме алмасыўда халықаралық ҳәм миллий нызамшылық системасына зыян келтирмеў жағдайлары үйренилмекте. Сондай-ақ, усы баслама шеңберинде ўәкилликли мәкемелер менен шөлкемлердиң өз-ара мәсләҳәтлесиўин жолға қойыў имканиятлары үйренилмекте.
Мәжилисте ҒМДА мәканында терроризм ҳәм экстремизм ҳәрекетлерин қаржыландырыўға ҳәм қоллап-қуўатлаўға урыныўлар ағза мәмлекетлердиң қәнигелестирилген мағлыўматлар базасы арқалы анықланатуғыны атап өтилди.
Өз-ара исеним ҳәм исшеңлик руўхында болып өткен сөйлесиўлер соңында 2020-жылы Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлерде халықты дизимге алыўға таярлық көриў, ҒМДАна ағза мәмлекетлерде медициналық-социаллық жәрдем көрсетиўди буннан былайда раўажландырыў, урыс ветеранларын ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының турмыс дәрежесин арттырыў және басқа да бир қатар мәәселелер бойынша қарарлар қабыл етилди.
Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда мәжилистиң нәтийжели болғаны, қол қойылған ҳүжжетлер ҒМДА еллери арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Ҳүкимет басшылары ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңесиниң мәжилиси жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин биргеликте тән алып, шын жүректен миймандослық көрсеткени ушын Өзбекистан Республикасына миннетдаршылық билдирди.
Ҳүкимет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисин 2018-жыл июнь айында Тәжикстан Республикасында өткериўге келисип алынды.
Матназар ЭЛМУРОДОВ,
ӨзАның хабаршысы