Ҳүрметли халықаралық конференция қатнасыўшылары!

Ҳүрметли мийманлар!

Сизлерди теберик Өзбекистан жеринде қутлықлаўдан ҳәм өзимниң терең ҳүрмет-иззетим менен жақсы тилеклеримди билдириўден оғада қуўанышлыман.

Бүгинги әнжуман Әзербайжан Республикасы Президенти, ҳүрметли Илҳам Гейдарович Алиевтиң 2017-жылды Әзербайжанда ислам тилеклеслиги жылы, деп жәриялаў ҳаққындағы басламасына үнлес екени менен итибарға ылайық.

Усы мүнәсибет пенен биз Өзбекистанда дос Әзербайжан Президентиниң басламасын жоқары баҳалайтуғынымызды атап өтиўди қәлер едим.

Бизге белгили, бизиң Ўатанымыз мың жыллар даўамында түрли цивилизациялар байланысқа кирискен ҳәм бирин-бири толықтырған Уллы жипек жолының әҳмийетли кесилиспесинде орналасқан. Бул үлкеде түрли мәденият ҳәм дин ўәкиллери тыныш-татыў ҳәм аўызбиршиликте жасаған. Мусылман дүньясының раўажланыўында үлкен роль ойнаған халқымыз менталитениниң тийкарын шын мәнисиндеги кеңпейиллик, уллылық ҳәм жақсылық сыяқлы пазыйлетлер қурайды.

Маўераннаҳрдың гөззал ҳәм бийтәкирар қалалары, бәринен бурын, Самарқанд, Бухара, Ташкент, Хийўа көп әсирлер даўамында ислам илиминиң, мәдениятының ҳәм пүткил мусылман цивилизациясының орайлары сыпатында белгили болған. Бул сақаўатлы жерден Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридий, Абу Мўъин Насафий, Бурҳаниддин Марғинаний, Баҳауддин Нақшбанд сыяқлы көплеген уламалар ҳәмуллы ойшыллар жетилисип шықты.

Инсаният тарийхында бийбаҳа ҳәдийсе болған мусылман Ренессансы әне усы уллы бабаларымыздың диний кеңпейиллик ҳәм адамгершилик бағдарындағы жақсы идеялары менен суўғарылған. Бул идеялар бизиң дәўиримизде, Өзбекистан ғәрезсизлиги жылларында айрықша, және де терең мазмун-мәниге ийе болмақта.

Елимизде кеңпейиллик мәдениятын арттырыў, миллетлер ҳәм конфессиялараралық бирин-бири түсинисиў ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, жас әўладты сол тийкарда тәрбиялаў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында белгиленди ҳәм бундай көз-қарас унамлы нәтийже бермекте.

Бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық, 16 конфессия ўәкиллери тыныш-татыў, аўызбиршиликте жасамақта. Олардың толық руўхый турмыста жасаўы, өзиниң дәстүр ҳәм үрп-әдетлерин раўажландырыўы, миллий ҳәм диний байрамларды белгилеўи ушын барлық шараятлар жаратылған.

Бизге белгили, Өзбекистан халқының 94 проценти тийкарынан суннит сектасына тийисли мусылманлар болып табылады. Олардың арасында ший сектасына тийисли жерлеслеримизде бар, бирақ бул еки секта ўәкиллери арасында ҳеш қашан келиспеўшиликлер жүзеге келмегени итибарға ылайық. Бизиң көп миллетли ҳәм көп конфессиялы жәмийетимизде бирге ислесиў, өз-ара ҳүрмет ҳәм татыўлық орталығын беккемлеў бүгинги күнде Өзбекистанды буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған Ҳәрекетлер стратегиясының тийкарғы бағдарларынан бири есапланады.

Бул мәселе әйне бүгинги күнде, дүньяның түрли регионларында кескинлик ҳәм радикализм кишейип, диний экстремизм ҳәм терроризм барған сайын ҳәўиж алып атырған ҳәзирги ўақытта айрықша, үлкен әҳмийетке ийе деп ойлайман.

Усы мәнисте, Өзбекистан БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» деп аталған арнаўлы резолюциясын қабыл етиў басламасы менен шыққаны терең логикалық тийкарға ийе. Себеби муқаддес динимиз кеңпейилликке, ийгиликли әмеллер менен бахыт-ығбалға алып баратуғын жол әйне ағартыўшылық екенин айрықша уқтырады.

Ислам дининиң тыныш-татыў турмысқа, басқа халықларға ҳүрмет, мийрим-шәпәәт көрсетип жасаўға шақыратуғын тийкарғы адамгершилик мазмунын ҳәр тәреплеме үйрениўге ҳәм үгит-нәсиятлаўға Өзбекистанда үлкен итибар берилмекте. Елимизде Ташкент ислам университети, Ташкент ислам институты, Бухара қаласында Мир Араб ислам институты, 9 медресе жумыс алып бармақта, пайтахтымызда Ислам цивилизация орайы, Самарқандта болса Имам Бухарий атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайы шөлкемлестирилмекте.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Бүгинги күнде пүткил дүнья, әсиресе, ислам жәмийетшилиги дәўириниң қәўип-қәтерлери менен жүзбе-жүз турмақта. Ислам динин сиясатластырыў ҳәм мусылман жасларды радикалластырыў бағдарындағы ҳәрекетлер бундай қәўип-қәтерлерди оғада терең талқылаўды, баҳалаўды ҳәм оларға мүнәсип жуўап бериўди талап етпекте.

Дүньядағы айырым топарлар исламға қарсы кейпиятты күшейткен ҳалда, ислам Динин терроризм идеологиясы менен байланыстырыўға урынып атырғанын айрықша өкиниш пенен атап өтиўге туўра келеди. Бул фактор ислам дуньясын буннан былай да бирлесиўге шақырмақта. Исламдағы аўызбиршилик дүньядағы кескинликти жумсартыўда әҳмийетли роль атқарыўы мүмкин.

Биз муқаддес динимизди әзелий қәдриятларымыздың бир тутас дәреги сыпатында оғада қәдирлеймиз. Биз уллы динимизди зорлық ҳәм қан төгиспе менен бир қатарға қоятуғынларды қатты қаралаймыз ҳәм олар менен ҳеш қашан келисе алмаймыз. Ислам дини бизди жақсылыққа ҳәм тынышлыққа, өмирде сап адамгершилик пазыйлетлерди беккемлеўге шақырады.

Усы мүнәсибет пенен, тек ғана барлық мусылман еллери менен биргеликте ең әҳмийетли ўазыйпаны, яғный уллы бабаларымыздың диний-руўхый мийрасының ажыралмас бөлеги болған мусылман әдеп-икрамлылық қағыйдаларын, соның ишинде, теңлик, келисим, тынышлық-татыўлық ҳәм бирин-бири өз-ара түсинисип жасаўға умтылыў сыяқлы уллы пазыйлетлерди қәстерлеп сақлаў ҳәм бүгинги реал жағдайды есапқа алған ҳалда пүткил дүнья жәмийетшилигине жеткериў сыяқлы оғада әҳмийетли ўазыйпаны шешиўимиз мүмкин, деп атап өтиў орынлы болып табылады.

Қәдирли дослар!

«Исламдағы аўызбиршилик: Өзбекистан ҳәм Әзербайжан мысалында» халықаралық конференциясы ислам дининиң тийкарғы қәдриятларын қәстерлеп сақлаў, мусылман мәмлекетлери арасында дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, олардың раўажланыўы ҳәм абаданлыққа ерисиўи сыяқлы ийгиликли мақсет жолында хызмет ететуғынына исенемен.

Әнжуман қатнасыўшыларына беккем денсаўлық, тынышлық ҳәм аманлық және конференция жумысының нәтийжели болыўын тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекистан Республикасы Президенти