Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 18-октябрь күни денсаўлықты сақлаў системасын буннан былай да жетилистириў, медициналық хызметтиң сапасы менен нәтийжелилигин арттырыў, халықтың денсаўлығын тәмийинлеў, сапалы дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеў бағдарындағы реформаларды талқылаўға бағышланған мәжилис өткерилди.

Онда Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйлери, Бас министр ҳәм Бас министрдиң орынбасары, тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары қатнасты.

Президентимиз быйылғы жылдың өзинде денсаўлықты сақлаў мәселесине бағышлап үш мәрте видеоселектор мәжилисин өткерди. Системаның жумысын түп-тийкарынан жетилистириў, адамларда ҳақылы түрде наразылық оятып атырған машқалалар менен кемшиликлерди сапластырыў бойынша анық көрсетпелер берилди, усы бағдарда әмелге асырылып атырған бағдарламалардың орынланыўы ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстан Республикасына ҳәм ўәлаятларға сапар етиўи ўақтында емлеўханалардағы, поликлиникалардағы, аўыллық шыпакерлик пунктлериндеги шараятлар менен тиккелей танысты, заманагөй клиникалар қурыў бойынша тапсырмалар берди.

Саланы буннан былай да раўажландырыў, медициналық хызметлердиң көлемин ҳәм сапасын арттырыўға қаратылған 30 ға шамалас пәрманлар менен қарарлар қабыл етилди.

Халықты сапалы ҳәм арзан дәри-дәрмақ қураллары менен тәмийинлеў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, қыстаўлы медициналық жәрдемди жетилистириў, бирлемши медицина системасын буннан былай да жақсылаў, жеке сокторды ҳәм қәнигелестирилген медициналық жәрдемди және де раўажландырыў бағдарында еле ислейтуғын жумысларымыз көп, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте тийисли министрликлер ҳәм ведомстволардың басшыларының мәлимлемелери тыңланды.

Бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемди жетилистириўге байланыслы қарардың орынланыўы шеңберинде 793 аўыллық шыпакерлик пункти тийкарында аўыллық шаңарақлық поликлиникасы, 441 тез медициналық жәрдем шақапшасы шөлкемлестирилди. Жумысы сапластырылған 658 аўыллық шыпакерлик пунктиниң имаратлары хызмет үйи сыпатында пайдаланыў ушын шыпакерлерге берилди. Буннан тысқары, аўыллық шаңарақлық поликлиникаларда 5 түрдеги ҳәм Ташкент қалалық шаңарақлық полиникаларда 10 түрдеги тар шеңбердеги сала қәнигелериниң жумысы жолға қойылды. Бирлемши системада қадрлар менен тәмийинлеўди жақсылаў мақсетинде быйылғы жылы медицина бағдарындағы жоқары оқыў орынларының бакалавриатура басқышын питкерген 3 мың 197 жас қәнигениң 79 проценти бирлемши системаға жумысқа жиберилди.

Исленген жумыслардың нәтийжеси қалай болмақта, адамлар оннан қай дәрежеде пайдаланбақта, деди Шавкат Мирзиёев. Халықтан келип түсип атырған мүрәжатлар бул бағдарда еле исленетуғын жумысларымыздың көп екенин көрсетпекте.

Халыққа көрсетилип атырған медициналық хызмет сапасының аймақларда жетерли дәрежеде болмаўы алдымызда турған әҳмийетли машқалалардан бири. Тән алыў керек, аймақлардан жоқары технологиялық медициналық жәрдем алыў ушын Ташкент қаласына келиў халық тәрепинен көплеген наразылықларға себеп болмақта, деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәжилисте усы машқалаларды сапластырыў мақсетинде ўәлаятларда ислеў басламасын көтерип шыққан жетекши қәнигелерден 134 талабан таңлап алынғаны атап өтилди. Олар ўәлаяттың көп тармақлы медициналық орайларына, соның ишинде, балалар емлеўханаларына, эндокринологияға, кардиологияға, туберкулёзға қарсы гүресиўге, тери-венерик кеселликлери диспансерлерине, онкология орайының филиалларына, жуқпалы кеселликлер емлеўханаларына ислеў ушын жиберилди.

Халықтың ҳақылы түрдеги наразылықларына себеп болып атырған әҳмийетли мәселелерден бири – бул тез медициналық жәрдем хызмети менен байланыслы, деди Президентимиз.  Бул бағдарда еле ислейтуғын жумысларымыз көп. Транспорт қураллары еле жеткиликли емес, дәри-дәрмақ тәмийнатында үзилислер бар.

2016-жылы 806 тез медициналық жәрдем станциясы ҳәм киши станциясы жумыс алып барған болса, 2017-жылы бул көрсеткиш 2 мың 100 ден асты. Бул ҳәр бир шақырықтың өз ўақтында келиўин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болатуғыны тәбийғый.

Бул бағдарда көрсетилип атырған хызметлер менен бирге халықтың усы хызметтен пайдаланыў бағдарындағы мәдениятын арттырыў зәрүрлиги де атап өтилди.

Дүнья медицинасы алдында турған тийкарғы мәселелерден бири социаллық кеселлик болып табылады. Елимизде туберкулёз, психиатрия, тери-венерик, онкология кеселликлери бойынша айрықша бағдарламалар ислеп шығылды ҳәм Президент қарарлары қабыл етилди.

Республикалық қәнигелестирилген орайлардың ўәлаятларда филиаллары шөлкемлестирилмекте. Шет ел клиникаларында жумыс ислеп атырған 50 ден аслам жерлесимиз елимизге қайтарылды.

Мәмлекетимиз басшысының қарары менен медицина саласында бакалавриат билимлендириў бағдарларында оқыў мүддети 7 жылдан 6 жыл «медициналық профилактика» бағдарында 6 жылдан 5 жыл етип белгиленгени елимиз медициналық билимлендириў системасын жәҳән стандартларына сәйкеслендириў, орынларда кадрлар менен тәмийинлеўдиң жақсыланыўына ҳәм мәмлекетлик бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўына хызмет етпекте.

Президентимиздиң майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириўге байланыслы бийлиги шеңберинде 8,4 мың майып протез-ортопедия өнимлери, 9,3 мыңнан аслам мүтәж пуқара реабилитациялық техникалық қураллар менен бийпул тәмийинленди. Сондай-ақ,  23 мыңнан аслам 1941-1945-жыллардағы урыс ветеранлары, жалғыз баслы кекселер, пенсионерлер менен майыплар саноторийлерде бийпул дем алдырылды.

Денсаўлықты саўлық системасының жеке меншик секторын раўажландырыўды жетилистириўге байланыслы қарар менен жеке меншик медицина мәкемелери шуғылланыўы мүмкин болған медициналық қәнигелик түрлери 50 ден 126 ға көбейтилди. Нәтийжеде Ташкент қаласында Қубла Корея, Ҳиндстан, Түркия, Жиззақ қаласында Қубла Корея, Ферғана, Қаршы қалаларында ҳәм Қумқорған районында Ҳиндстан сыяқлы мәмлекетлер менен қоспа клиникалар шөлкемлестирилмекте. Өткен 9 ай даўамында жеке меншик медицина мәкемелери және 400 ден асламға көбейип, олардың саны 3 мың 860 тан асқаны жеке меншик медицина мәкемелерине берилип атырған кең жеңилликлер менен преференциялардың нәтийжеси болып табылады.

Быйылғы жылы «Өзфармсанаат» акционерлик концерни тәрепинен 76 жаңа өним ислеп шығарыў өзлестирилди. Дәри қуралларын ҳәм медицина буйымларын ислеп шығарыў 2011-жылға салыстырғанда 4 мәрте өсти.

Фармацевтика саласында жаңа, жоқары технологияларға тийкарланған өнимлер ислеп шығарыўды өзлестириў ушын Өзбекистан раўажланыў қорынан 250 миллион доллар муғдарында кредит ресурслары ажыратылды. Улыўма баҳасы дерлик 400 миллион долларға тең болған 70 тен аслам инвестициялық жойбарды әмелге асырыў басланып, олардың 33 и быйылғы жылы иске қосылады.

Мәмлекетимиз басшысының «Нукус-фарм», «Зомин-фарм», «Касансой-фарм», «Сырдәрья-фарм», «Байсун-фарм», «Бўстонлиқ-фарм» ҳәм «Паркент-фарм» еркин экономикалық зоналарын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы пәрманының қабыл етилиўи, бәринен бурын, елимизде фармацевтика саласын раўажландырыў, дәри-дәрмақ қуралларын және медицина буйымларын ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў, жергиликли дәри-дәрмақ қураллары базарын өзимизде ислеп шығарылған жоқары сапалы препаратлар менен толықтырыў имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди. Соның менен бирге, дәри-дәрмақ ҳәм медицина буйымларын экспорт етиўдиң көлемин және де арттырады.

Бул бағдарда әмелге асырылып атырған избе-из жумыслар өз нәтийжесин бере баслады. Мәселен, фармацевтика өниминиң экспортын 40 процентке арттырыўға ерисилди, жоқары технологиялардың енгизилиўи есабынан ҳәр бир жумысшыға өндирис нәтийжелилиги 35 процентке өсти. Жергиликли фармацевтика кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылып атырған дәрилердиң түри 2 мың 300 ден асты.

Мәжилисте салада өз шешимин күтип турған бир қатар әҳмийетли мәселелер көрип шығылды. Атап айтқанда, әсиресе, аўыллық жерлерде системалы патронаж хызмети менен қамтып алыўдың сапасын жақсылаў, бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм олардың стационар мәкемелер менен бирге ислесиўин тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди. Жуўапкер адамларға салада жеке секторды буннан былай да раўажландырыў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Тез медициналық жәрдем көрсетиў хызметин буннан былай да жетилистириў, скрининг орайларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм ислеп шығарылып атырған протез-ортопедия өнимлери, реабилитациялық техникалық қураллар сапасын жақсылаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Денсаўлықты сақлаў объектлеринде қурылыс-оңлаў жумыслары бойынша жойбарлаў-смаета ҳүжжетлериниң сапасы, жеке меншик медицина саласына шет ел инвестициясын ҳәм жоқары маманлықтағы қәнигелерди тартыў жумысларын реформалаў зәрүр. Халықты патронаж ҳәм системалы диспансеризация менен толық қамтып алыў, ана ҳәм бала скрининги және медициалық-генетикалық хызметти буннан былай да жетилистириў ҳәм усы хызметлерди халыққа жақынластырыў мақсетинде 2018-2022-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламасын ислеп шығыў нәзерде тутылмақта.

Мәжилисте медицина хызметкерлериниң маманлығы ҳәм жеке жуўапкершилиги мәселеси сынға алынды. Саладағы кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде денсаўықты сақлаў системасын мәмлекетлик ҳәм жеке меншик секторындағы барлық қәнигелердиң жумысын лицензиялаў системасын енгизиў нәзерде тутылған.

Мәжилисте сала алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди. Министрликлер менен ведомстволардың басшыларына тийисли тапсырмалар берилди.

ӨзА