2017-2021-жылларда  Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында пуқаралардың хуқықларын ҳәм еркинликлерин исенимли қоргаў кепилликлерин кеңейтиў, судта ис жургизиўдиң нәтийжелилигин ҳәм сапасын арттырыў, талабанларды таңлаў ҳәм судьялық лаўазымына  тайынлаў системасын және де жетилистириў суд – хуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың ең әҳмийетли бағдарлары сыпатында белгиленди. Судьялыққа талабанларды таңлаў ҳәм лаўазымға таярлаў системасын түп тийкарынан жетилистириў, жоқары тәжирийбели судьялар корпусын қәлиплестириў мақсетинде Өзбекистан Республикасы судьялар Олий Кенгаши шөлкемлестирилип, әмелде судьялардың бийғәрезлигин ҳәм  қол қатылмаслығын тәмийинлеўши қорғаў системасы жаратылды. Ҳәзирги ўақытта Кенгаш ўәкиллери орынларда халық пенен ушырасып, судьялық лаўазымына биринши мәрте усынылып атырған талабанларға халықтың пикирин тыңлаўды шөлкемлестирмекте.

Усы тийкарда Судьялар Олий Кенгашиниң басламасы менен    Әмиўдәрья  районында  мәжилис өткерилди. Мәжилиске район хәкимияты, судьялар ҳәм хуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери, халық қабыллаўханалары басшылары, депутатлар, Өзбекистан жаслар аўқамы  белсендилери, «Нураний»          қоры, мәкан пуқаралар жыйынларының баслықлары, билимлендириў макемелериниң хызметкерлери ҳәм басқа да шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте судьялық лаўазымына биринши мәрте усынылып атырған талабан-хәзирги уақытта  Өзбекистан Республикасы Президентиниң Нөкис қаласындағы халық қабыллаўханасы баслығы лаўазымында ислеп киятырған Еркин Өтениязов  Пуқаралық ислер бойынша Әмиўдәрья районлық судының баслығы лаўазымына усынылып, бул бойынша жергиликли халықтың разылығы алынды.

 

*                          *                              *

   Кегейли районы Ҳәкимшилик суды баслығын тайынлаў мақсетинде өткерилген мәжилисте 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў суд-ҳуқық саласындағы реформалардың тийкарғы бағдарлары етип белгиленгенлиги атап өтилди.

Кегейли районы Ҳәкимшилик суды баслығы лаўазымына Өзбекистан Республикасы Бас Прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында кадрлар бөлиминиң аға инспекторы лаўазымында ислеп келген Расул Назаровтың кандидатурасы усынылды ҳәм оның өмир баяны, сондай-ақ, жумыс тәжирийбеси жыйналғанларға жақыннан таныстырылды .

Буннан соң тараўға тийисли бир қатар қәнигелер ҳәм район белсендилери де сөзге шығып, талабанның кандидатурасын мақуллады ҳәм өз пикирлерин билдирип өтти. Солай етип Расул Назаров халық разылығы тийкарында Кегейли районы Ҳәкимшилик суды баслығы лаўазымына тайынланды.

 

                                                              Қарақалпақстан хабар агентлиги