Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

 

Пал ҳәррешилик тармағын басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, тармақта нәсилшилик жумысларын илимий тийкарда шөлкемлестириў, пал ҳәррешилик хожалықларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў, пал өнимлерин ислеп шығарыўдың көлемин және түрлерин буннан былай да көбейтиў, палды қайта ислеў бойынша заманагөй технологияларды енгизиў, тараўдың экспорт потенциалын арттырыў, сондай-ақ, пал ҳәррешилик саласындағы алдынғы тәжирийбелерди республикамыздың барлық аймақларына енгизиў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, Экономика министрлиги, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети және Акционерлик-коммерциялық «Алоқабанк»тиң (кейинги орынларда АК «Алоқабанк» деп аталады) «Өзбекистан пал ҳәррешилери» ассоциациясын (кейинги орынларда Ассоциация деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Төмендегилер Ассоциацияның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

пал ҳәррешилик  тармағын раўажландырыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый базаны ислеп шығыўға қатнасыў;

пал ҳәррешилик тармағын раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыўды муўапықластырыў, бирден-бир илимий-техникалық, технологиялық, инвестициялық ҳәм экспорт сиясатын әмелге асырыўды муўапықластырыў;

жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм мәпдар шөлкемлер менен биргеликте пал ҳәррешилик хожалықларын тоғай фонды жерлерине таў ҳәм таў алды аймақларына, тәбийғый пишенликлер менен жайлаўларға және аўыл хожалығы жерлерине орналастырыўды әмелге асырыў;

пал ҳәррелер ушын жасалма азықлықлар ислеп шығыўды орайласқан ҳалда шөлкемлестириўге көмеклесиў ҳәм бул тәжирийбени кеңнен қолланыўдың есабынан пал ҳәррешилик хожалықларының азықлық базасын беккемлеў;

пал ҳәрре кеселликлериниң алдын алыў, емлеў ҳәм диагноз қойыў бойынша заманагөй және алдынғы усылларды енгизиў жумысларына көмеклесиў;

жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи, соның ишинде, шет ел мәкемелеринде пал ҳәррешилик тармағына кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириўге және муўапықластырыўға қатнасыў.

3.«Өзбекистан пал ҳәррешилери» ассоциациясының шөлкемлестириўшилик структурасы ҳәм оның атқарыўшы аппараты басқарма хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 27 адам болған структурасы 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық мақуллансын.

  1. Ассоциацияны шөлкемлестириўге байланыслы шөлкемлестириўшилик илажларын муўапықластырыў ҳәм оның келешектеги жумысын жолға қойыўға көмеклесиў бойынша жумысшы топардың қурамы (кейинги орынларда Жумысшы топар деп аталады) 3-қосымшаға муўапық шөлкемлестирилсин.

Жумысшы топар (З.Т.Мирзаев) еки ай мүддетте:

Ассоциацияны шөлкемлестириў бойынша шөлкемлестириўшилик мәселелерин шешиўди, оның уставы тастыйықланыўын ҳәм белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин;

Ассоциацияның орайлық аппараты жоқары маманлықтағы қәнигелер менен толықтырылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги ҳәм АК «Алоқабанк» Ассоциацияның «Апимондия» халықаралық пал ҳәррешилик ассоциациялары федерациясына ағза болып кириўне байланыслы барлық зәрүр шөлкемлестириўшилик-әмелий илажларды тәмийинлесин.
  2. Ассоциацияның баслығы ҳәм оның орынбасары шөлкемлестириўшилердиң улыўма мәжилисиниң қарары менен сайланатуғыны ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тастыйықланатуғыны;

Ассоциацияның атқарыўшы аппаратының жумысын қаржыландырыў Ассоциацияға ағза болған шөлкемлердиң ағзалық төлемлери ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан әмелге асырылатуғыны;

Ассоциацияны шөлкемлестириў ҳәм оның жумысына байланыслы барлық қәрәжетлер, Ассоциацияның «Апимондия» халықаралық пал ҳәррешилик ассоциациялары федерациясына ағза болып кириў ҳәм ағзалық төлемлериниң дәслепки үш жыл даўамында АК «Алоқабанк» қаржылары есабынан тәмийинленетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм АК «Алоқабанк» тәрепинен ислеп шығылған 2017-2021-жылларда пал ҳәррешилик тармағын комплексли раўажландырыў илажлары бағдарламасы 4-қосымшаға муўапық мақуллансын.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық Ассоциацияның буйыртпасына тийкарланып пал ҳәррешилик хожалықларына – Ассоциация ағзаларына пал ҳәррелердиң шаңарақларын пал жыйнаў мәўсими даўамында тоғай фонды жерлери, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар (мәмлекетлик қорықханалар, биосфера резерватының қорықланатуғын зонасынан тысқары), таў ҳәм таў алды аймақлары, тәбийғый пишенликлер ҳәм жайлаўлар және аўыл хожалығы жерлери пайдаланыўға бийпул бериледи.
  3. Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте еки ай мүддетте 2018/2019-оқыў жылынан баслап пал ҳәррешилик тармағы ушын жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў бойынша Ферғана мәмлекетлик университетинде зоотехника факультетин шөлкемлестириў ҳәм оның жумысын жолға қойыў бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  4. АК «Алоқабанк»тиң жуўапкершилиги шекленген жәмийет тәризиндеги лизинг компаниясын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленеди:

коммерциялық банклердиң кредити ҳәм лизинг компаниясының өз қаржылары есабынан пал ҳәрре уяларын, зәрүр үскенелер жеткерип бериўди шөлкемлестириў ҳәм тәмийинлеў;

пал ҳәррешилик саласында қолланылатуғын инвентарлар, үскенелер, арнаўлы транспорт қураллары ҳәм тиркемелер, сондай-ақ, палды қадақлаў бойынша заманагөй технологиялық линияларды лизинг тийкарында жеткерип бериў.

  1. 2023-жылдың 1-январына шекем белгиленген тәртипте тастыйықланған дизим бойынша «Өзбекистан пал ҳәррешилери» ассоциациясына ағза шөлкемлер тәрепинен алып келинетуғын нәсилли материаллар (өним), пал ҳәррешилик саласында қолланылатуғын инвентарлар ҳәм үскенелер, пал ҳәрре уяларын тасыў ушын арнаўлы транспорт қураллары ҳәм тиркемелер, пал ҳәрре кеселликлерине ҳәм зыянкеслерине қарсы қолланылатуғын ветеринариялық дәри қураллары және препаратлар, пал ҳәрре уяларын ислеп шығыў ушын ағаш ҳәм зәрүр материаллар, пенополиуретан, оларға жәрдемши үскенелер, комплектлеўши буйымлар ҳәм аўысық бөлеклер, мумперде ҳәм мум өнимлери бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
  2. Ташкент қаласы ҳәкимлиги Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте бир ай мүддетте «Өзбекистан пал ҳәррешилери» ассоциациясын орналастырыў ушын ижара ҳақысын «ноль» ставкада белгилеген ҳалда зәрүр имарат ажыратылыўын тәмийинлесин.
  3. Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги «Өзбекистан пал ҳәррешилери» ассоциациясының буйыртпаларына муўапық пал ҳәррешилик тармағына жумыс ислеўге тартылатуғын шет елли қәнигелерге мәмлекетлик бажы өндирилмей көп мәртелик кириў визалары берилиўин ҳәм олардың мүддети созылыўын, сондай-ақ, олардың жасаў орнында ўақтынша дизимнен өткерилиўин ҳәм ўақтынша дизимнен өткериў мүддети созылыўын белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
  4. Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги «Өзбекистан пал ҳәррешилери» ассоциациясының виза талапнамаларына муўапық пал ҳәррешилик тармағында ислеўге тартылатуғын шет елли қәнигелерге кириў визаларын консуллық ҳәм басқа да жыйымлар өндирилмей рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
  5. Өзбекистан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги «Өзбекистан пал ҳәррешилери» ассоциациясының буйыртпаларына муўапық белгиленген тәртипте пал ҳәррешилик тармағында ислеў ушын жоқары маманлықтағы шет елли қәнигелерди (Өзбекистан Республикасы пуқаралары арасында бундай қәнигелер болмаған жағдайда) Өзбекистан Республикасына тартыўға руқсатнамалар бериўди (мүддетин созыўды), сондай-ақ, көрсетип өтилген шет елли пуқараларға Өзбекистан Республикасы аймағында мийнет етиўин әмелге асырыў ҳуқықына тастыйықлаўлар берилиўин (мүддети созылыўын) тәмийинлесин.
  6. Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги «Өзбекистан пал ҳәррешилери» ассоциациясы және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында еки ай мүддетте Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  7. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары – аўыл ҳәм суў хожалығы министри З.Т.Мирзаевқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

Президенти         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 16-октябрь