Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-октябрь күни елимизге әмелий сапар менен келген Чеченстан Республикасы басшысы Рамзан Қодировты қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, жоқары дәрежедеги турақлы ушырасыўлар Өзбекистан менен Россия арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўге, сондай-ақ, оларды анық әмелий мазмун менен байытыўға хызмет еткенин айрықша атап өтти.
Усы жыл апрель айында Россия Федерациясына жоқары дәрежедеги сапар етиў ўақтында қол қойылған еки елдиң аймақлары арасында бирге ислесиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим түрли тармақларда жақыннан бирге ислесиў ҳәм кооперациялық байланысларды беккемлеў жолында жаңа имканиятлар жаратылғаны атап өтилди.
Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев пенен Россия Президенти Владимир Путинниң жақында Сочи қаласында болып өткен ушырасыўында тәреплер аймақлар дәрежесиндеги байланыслар жеделлесип атырғанынан кеўли толғанлығын билдирип, бул бирге ислесиўди қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.
Сөйлесиў ўақтында бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың перспективалары додаланды. Өз-ара саўда көлемин ҳәм номенклатурасын кеңейтиў, экономикалық, мәдений-гуманитарлық салаларда қоспа бағдарламалар менен жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Чеченстан басшысы Өзбекистан Президентине шын жүректен қабыл еткени ҳәм Аҳмад ҳажы Қодиров билим алған Илсам цивилизациясының тарийхый орайларын зыярат етиў мақсетинде елимизге сапарын шөлкемлестириўге көмеклескени ушын терең миннетдаршылық билдирди.
Сондай-ақ, ол көп миллетли өзбек халқына терең ҳүрметин билдирип, Президент Шавкат Мирзёевтың миллетлераралық татыўлықты ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеў, ислам дининиң тийкарғы адамгершилик мазмунын үгит-нәсиятлаў бағдарында алып барып атырған сиясатына ҳәм халықаралық басламаларына жоқары баҳа берди.
Сөйлесиўлер жуўмағында Рамзан Қодиров еки ел арасындағы өз-ара пайдалы ҳәм көп қырлы байланысларды раўажландырыўда және беккемлеўде белсене қатнасыўға таяр екенин атап өтти.
ӨзА