Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-15-октябрь күнлери Хорезм ўәлаятында болды.

Сапар етиўдиң биринши күнинде Президентимиз қурылыс ҳәм абаданластырыў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли жумыслар, ел-журтымызды раўажландырыўға хызмет ететуғын үлкен жойбарлар, туризм инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған режелер менен танысты.

Хорезм жери әзелден уллы ойшыллар ҳәм ағартыўшылар менен белгили. Олардың бүгинги избасарлары өзиниң пидәкерлик мийнети менен елимиздиң раўажланыўына үлкен үлес қоспақта.

Ўәлаят барған сайын заманагөй келбетке енип, жаңа турақ жайлар, санаат кәрханалары, саўлатлы сарайлар, тегис жоллар, кең майданлар және қыябанлар, бағлар, тәлим-тәрбия, медицина, мәденият ҳәм спорт орынлары қурылмақта, барлық салаларда үлкен табыслар қолға киргизилмекте.

Президентимиздиң усы жыл январь айында ўәлаятқа сапары даўамында берилген тапсырмаларды орынлаў бойынша жаңа жойбарлар үстинде жумыс алып барылмақта. Нәтийжеде 2018-2019-жылларда Хорезм ўәлаятында улыўма нырқы 716 миллион доллар болған 1 мың 500 ге шамалас жойбарды әмелге асырыў ҳәм 16 мың жумыс орнын жаратыўға мөлшерленген бағдарлама жойбары ислеп шығылды. Бул жойбарлардың нырқы 450 миллион доллар болған 478 и баслама көтергенлердиң өз қаржылары ҳәм тиккелей шет ел инвестициялары есабынан әмелге асырылады.

Мәмлекетимиз басшысының бул жойбарларды және де жетилистириў ҳәм жаңа басқышқа көтериў мақсетинде 2018-жылды Хорезм ўәлаятында «Исбилерменликти түп-тийкарынан раўажландырыў ҳәм инвестициялар жылы», деп жәриялаў усынысы да исбилерменликти раўажландырыўда ҳәм инвестицияларды тартыўда әҳмийетли қәдем болады.

Усы күни Үргенш қаласында халық депутатлары Хорезм ўәлаятлық Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти. Онда Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрилди. Президентимиздиң усынысына бола, Хорезм ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын ўақтынша атқарып киятырған Илгизар Собиров Хорезм ўәлаяты ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.

Сапар етиўдиң екинши күнинде мәмлекетимиз басшысы Хорезм ўәлаяты музыкалы драма театрын барып көрди.

Президентимиздиң усы жыл 31-майдағы «Мәденият ҳәм көркем өнер саласын буннан былай да раўажландырыў ҳәм жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында» ғы қарарына муўапық, саланы раўажландырыў, театрлардың материаллық-техникалық базасын заман талаплары тийкарында беккемлеў жумыслары избе-из даўам еттирилмекте.

Хорезм ўәлаятлық музыкалы драма театрының имараты 1975-жылы қурылған. Усы күнлери театр имараты, соның ишинде, 572 тамашагөйге мөлшерленген зал капитал оңланбақта. Жақтыландырыў, жылытыў ҳәм суўытыў системалары шет ел технологиялары тийкарында жаңаланбақта. Театрдың сахна декорациялары ҳәм конструкциялары, липаслар, грим ҳәм постижёр өнимлери, перде ҳәм басқа да буйымлар менен тәмийинленеди.

Мәмлекетимиз басшысы театрдың жуўапкер адамлары менен пикирлесиў барысында театрдың репертуары, хызметкерлердиң маманлығы ҳәм мийнет шараяты менен қызықсынды. Дөретиўши жәмәәттиң жумысын кеңейтиў, мазмун-мәнисин және де байытыў бойынша өзиниң пикир-усынысларын билдирди.

Театрды ҳақыйқый руўхыйлық орталығына айландырыў ушын, бәринен бурын, жақсы шығармалар керек, деди мәмлекетимиз басшысы. Хорезмниң уллы тарийхы бар. Уллы ағартыўшыларымыз, соның менен бирге, заманымыз қаҳарманлары ҳаққында сахна шығармаларын дөретиў зәрүр. Театр жәмәәти тамашагөйлер менен турақлы түрде пикирлесиўди жолға қойыўы, районларға барып, спектакльлер көрсетиўи, жасларды көркем өнерге, мәдениятқа үйретиўи керек.

Дөретиўшилер ушын заманагөй турақ жай қурып бериў, театрдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша көрсетпелер берилди. Драматурглерди қоллап-қуўатлаў, актёр ҳәм режиссёрлардың маманлығын арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Үргенш қаласындағы Жаслар орайында да болды.

Елимизде жасларды ўатанды сүйиўшиликке ҳәм миллий қәдриятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

Жаслардың турмыстан өз орнын табыўы ушын мүнәсип шараят жаратыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, кәсипке бағдарлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, басламаларын хошаметлеў бағдарындағы реформалар жоқары нәтийже бермекте.

Үргенш қаласындағы Әмир Темур атындағы дем алыў бағының аймағында шөлкемлестирилген орайда жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериўи ушын барлық шараят жаратылған. «Жас шеберлер», «Жас художниклер», «Жас шахматшылар», «Жас дөретиўшилер», «Жас шаштәрезлер» сыяқлы оннан аслам дөгерек жумысы жолға қойылған.

Президентимиздиң 2017-жыл 5-июльдеги «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы пәрманында ўәлаятларда ҳәм Ташкент қаласында Жаслар орайларын қурыў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, 11 жыллық орта билим бериў системасының енгизилиўи мүнәсибети менен босайтуғын колледжлердиң имаратларын Өзбекистан жаслар аўқамының тийисли кеңеслериниң ықтиярына өткериў, солардың тийкарында барлық қолайлықларға, соның ишинде, китапхана ҳәм китап дүканына ийе Жаслар орайларын ҳәм заманагөй жаслар кинотеатрларын, сондай-ақ, жасларды, әсиресе, олардың жәмлеспеген бөлегин кәсип-өнерге төлемсиз оқытыў орайларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы Жаслар орайында жаратылған шараятлар менен танысты.

Биз бул сыяқлы заманагөй объектлерди көплеп қурыўымыз мүмкин. Бирақ, оларда қандай тәлим-тәрбия алыў, өнер үйрениў сиз жаслардың умтылысыңыз бенен басламаларыңызға да байланыслы, деди Шавкат Мирзиёев. Хорезмли жаслар бул бағдарда басқаларға өрнек болыўы керек.

Президентимиз ҳәр қыйлы себеплерге бола дурыс жолдан адасып қалған жасларды саламат турмысқа қайтарыўда олардың заманласлары жәрдем бериўи кереклигин атап өти.

Шавкат Мирзиёев ўәлаяттың бир топар белсенди жаслары менен ушырасып, олар менен сәўбетлести.

Заманагөй, еркин пикирлейтуғын, шет елдеги теңлеслери менен биймәлел беллесе алатуғын, физикалық ҳәм руўхый жақтан бәркамал жаслар биз баслаған жумысларды мүнәсип даўам етттиреди ҳәм жаңа басқышқа көтере алады, деди мәмлекетимиз басшысы.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлер Президентимизге жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырып атырған избе-из реформалар, нәўқыран әўладтың камалға келиўи жолында жаратылып атырған шараятлар менен имканиятлар ушын миннетдаршылық бидирди.

Президентимиз хорезмли жаслардың мәртлигин, ерисип атырған табысларын буннан былай да хошаметлеў мақсетинде Үргенш мәмлекетлик университети жанындағы 2-санлы академиялық лицейдиң оқыўшысы Азада Исмоиловаға Өзбекистанның Германиядағы елшиханасында маманлығын арттырыў ушын жоллама, Гүрлен турмыслық хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжиниң оқыўшысы Шириной Раҳимоваға «Spark» автомобилин саўға етти.

ӨзА