Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың мирәт етиўине бола Қырғызстан Республикасы Президенти Алмазбек Атамбаев 5-октябрь күни мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.
Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында Қырғызстан Президенти Алмазбек Атамбаев ҳәм оның өмирлик жолдасын Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев өмирлик жолдасы менен күтип алды.
Президент Алмазбек Атамбаев Президент Шавкат Мирзиёев пенен бирге Мустақиллик майданына барды.
Жоқары мәртебели мийман еркинлигимиз, айдын келешегимиз ҳәм жақсы нийетлеримиз нышаны болған Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.
Қырғызстан Президенти бул саўлатлы майдан Өзбекистанның тынышлық сүйер сиясатын, халқымыздың дөретиўшилик ҳәм абаданлық жолындағы ийгиликли умтылысларын сәўлелендиретуғын бийбаҳа комплекс екенлигин айрықша атап өтти.
Шавкат Мирзиёев ҳәм Алмазбек Атамбаев «Өзэкспоорай»да шөлкемлестирилген Өзбекистан ҳәм Қырғызстан санаат өнимлериниң көргизбеси менен танысты.
Көргизбеде еллеримиз соңғы жыллары экономика саласында ерискен жетискенликлер, санаттың түрли тармақларында жумыс алып барып атырған компаниялардың өнимлери, илимий-өндирислик орайлардың инновациялық жойбарлары менен исленбелери көрсетилмекте.
Президентлер экспозиция менен танысып, еллеримиз арасында көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўда бундай көргизбелер үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Еки елдиң экономика тармақлары арасында бирге ислесиўдиң беккемлениўи өндирис процесин жетилистириў ҳәм өнимлердиң буннан былай да ғалаба ен жайыўына хызмет ететуғынын атап өтти.
Мәмлекетлик сапар шеңбериндеги тийкарғы илажлар Көксарай резиденциясында болды.
Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң мәмлекет басшыларының тар шеңбердеги ушырасыўлары болып өтти.
Шавкат Мирзиёев Алмазбек Атамбаевты елимизге сапары менен қутлықлап, пүткил Қырғызстан халқына өзиниң терең ҳүрмет-иззетин билдирди.
Бүгинги сапар етиў усы жыл сентябрьде Қырғызстанда болып өткен тарийхый ушырасыўлардың логикалық даўамы болып табылады. Еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары, бир пикирде екенлиги нәтийжесинде Өзбекистан менен Қырғызстан қатнасықлары беккемленип, өз-ара байланыслар жеделлести. Қысқа ўақытта ерисилген тарийхый келисимлерди халықларымыз жоқары баҳалады, деди Президентимиз.
Алмазбек Атамбаев Шавкат Мирзиёевқа мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдирип, Қырғызстан халқы атынан терең ҳүрмет-иззет билдирди.
Сиз мәмлекетлеримиз арасындағы шегараны дослық ҳәм бирге ислесиў шегарасына айландырдыңыз. Шегара постларының ашылыўы ҳақыйқый байрамға айланып кетти. Бул Шавкат Мирзиёевтың, бәринен бурын, халықты, әпиўайы адамлардың турмысын ойлаўынан дәрек береди. Аймақлараралық бирге ислесиў жолға қойылғаны, транспорт байланысларының тикленгени бизди және де бирлестирди. Бул ҳәр еки тәрепке пайда келтиреди, деди Қырғызстан Президенти.
Сөйлесиўде еллеримиз арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың перспективалары додаланды, тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысылды.
Өзбекистан өзиниң сыртқы сиясатында Орайлық Азияға айрықша әҳмийет қаратпақта. Барлық қоңсылас еллер менен қатнасықларды беккемлемекте. Соның ишинде, Қырғызстан Республикасы менен байланыслар да жаңа мазмунға ийе болды. Парламентлер, министрликлер, ведомстволар, аймақлар арасында сапар етиўлер көбейди.
Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Алмазбек Атамбаев сөйлесиўди еки елдиң рәсмий делегацияларының қатнасыўында даўам еттирди.
Онда тийкарғы итибар Өзбекистан менен Қырғызстан арасында сиясий, саўда-экономикалық ҳәм аймақлараралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, транспорт-коммуникация, энергетика, санаат, аўыл ҳәм суў хожалығы, мәденият ҳәм басқа да салалардағы байланысларды беккемлеў мәселелерине қаратылды.
Саўда-экономикалық байланыслардың раўажланыўында Өзбекистан Республикасы менен Қырғызстан Республикасы арасында еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссия әҳмийетли орын ийелемекте. Бул комиссияның жәрдемши баслықлары сыпатында еки елдиң Бас министрлери белгиленгени тәреплердиң өз-ара бирге ислесиўин раўажландырыўға жоқары итибарынан дәрек береди.
Өзбекистанлы өндирисшилер Ошта болып өткен халықаралық көргизбеге қатнасты. Қырғызстан экономика министриниң елимизге сапары да нәтийжели болды.
Қырғызстан Президентиниң Өзбекистанға мәмлекетлик сапары шеңберинде шөлкемлестирилген санаат өнимлериниң көргизбесинде ҳәм бизнес-форумда дерлик 200 миллион долларлық шәртнамаларға қол қойылды.
Еллеримиз арасындағы товар алмасыўдың көрсеткиши қолда бар экономикалық имканиятларға сайкес емеслиги, жақын жылларда өз-ара саўда көлемин 500 миллион долларға жеткериў зәрүрлиги атап өтилди. Санаат кооперациясын жолға қойыў ҳәм қоспа кәрханалар шөлкемлестириў ўақты келгени атап өтилди.
Қырғызстанда аўыл хожалығы техникалары, автомобильлер, автобуслар ҳәм турмыслық үскенелерди биргеликте жыйнаў, қурылыс материалларын, тоқымашылық өнимлерин ҳәм басқа да товарларды ислеп шығарыў, үшинши мәмлекетлерге экспорт етиўге келисип алынды. Аймақлар ҳәм исбилерменлер арасындағы тиккелей байланыслар буннан былай да раўажландырылады.
Өзбекистан ҳәм Қырғызстанның транспорт коммуникациялары өз-ара интеграцияласқан. Бул барлық тараўлардағы байланыслардың раўажланыўында, сондай-ақ, еки елдиң аймақлары арқалы дүнья базарларына шығыўда әҳмийетли роль атқарады. Сонлықтан еллеримиздиң транспорт қатнаўы еркин транзитти тәмийинлеў саласында бирге ислесиўди раўажландырмақта.
«Өзбекистан-Қырғызстан-Қытай» темир жолының қурылысы еллеримиз ушын үлкен экономикалық имканиятлар ашатуғыны атап өтилди. Жаңа автомобиль жоллары, соның ишинде, «Әндижан-Ош-Иркештам-Кашгар» қатнаўын ашыў регион еллери арасында өз-ара пайдалы байланысларды кеңейтиў ҳәм олардың экономикалық раўажланыўына қосымша пәт бағышлаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Өзбекистан ҳәм Қырғызстан халықларының мәденияты, қәдриятлары тамырлас. Президентимиздиң атап өткениндей, бизиң тилимиз, динимиз, пикиримиз бир.
Бул нәрселер мәдений-гуманитарлық байланыслардың раўажланыўында әҳмийетли фактор болмақта. Өзбекистанда қырғыз тилин ҳәм мәдениятын, Қырғызстанда өзбек тилин ҳәм мәдениятын үйрениўге айрықша итибар қаратылмақта.
Быйыл Қырғызстан театр дөретиўшилери Ферғана ойпатлығына, өзбекистанлы көркем өнер шеберлери Ош, Узган, Араван, Навкат, Карасу, Джлалабад қалаларына дөретиўшилик сапар етти. Қырғызстан делегациясы елимизде болып турған ҳәзирги күнлерде Қырғызстанда Өзбекистан мәденияты күнлери өткерилмекте.
Президентмиздиң басламасы менен мәмлекетлик шегаралар бойынша тарийхый келисимлерге ерисилгени ҳәм бир қатар шегара постларының ашылғаны еки туўысқан халық арасындағы дослық байланыслары ушын кең имканият берди.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерден соң еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды.
Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Алмазбек Атамбаев Өзбекистан Республикасы менен Қырғызстан Республикасы арасындағы стратегиялық шериклик, дослық, татыў қоңсышылық ҳәм исенимди беккемлеў ҳаққындағы декларацияға қол қойды.
Еллеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң түрли тараўларына байланыслы 10 нан аслам ҳүжжетке қол қойылды.
Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда Президентлер сөйлесиўлер өз-ара түсинисиў, ашық-айдынлық ҳәм ҳақ кеўиллилик руўхында өткенин, тәреплер арасында шешилмеген мәселелер дерлик қалмағанын айрықша атап өтти.
Шавкат Мирзиёев қол қойылған ҳүжжетлер халықтың талап ҳәм тилеклеринен келип шығып қабыл етилгенин, олар еллеримиз арасындағы дослықты ҳәм бирге исл/есиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Алмазбек Атамбаев соңғы ўақытларда ерисилген келисимлерди халықларымыз узақ күткенин, тарийхта қалатуғын бундай ислерге үлес қосқанынан қуўанышлы екенин атап өтти.
Қырғызстан Республикасы Президенти Алмазбек Атамбаевтың елимизге мәмлекетлик сапары даўам етпекте.
Анвар САМАДОВ,
ӨзАның хабаршысы