Қәдирли ҳәм ҳүрметли устазлар!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, сизлердиң тымсалыңызда устаз деген абыройлы атты улығлап киятырған елимиздеги барлық инсанларды улыўма халықлық байрамы – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни менен шын жүректен қутлықлайман.
Бүгин усы қутлы әййямды елимизде кеңнен белгилер екенбиз, биринши гезекте қәдирдан мектебимиз, бизге ҳәрип үйреткен, жақсылықтан сабақ берген меҳрибан муғаллимлеримиздиң тулғасы көз алдымызда пайда болады. Биз ушын ибрат үлгиси, жоқары инсаныйлық пазыйлетлер тымсалы болған сизлер сыяқлы әзиз ҳәм уллы инсанлардың атына ең гөззал сөзлерди, жақсы тилеклеримизди билдиремиз. Сизлердиң бәршеңизге ҳеш қашан үзип болмайтуғын қарыздарлық сезими менен бас ийемиз.
Уллы Әлийшер Наўайы бабамыз айтқанындай, дүньяның бар байлығы ҳәм ғәзийнеси менен де сизлердиң уллы мийнетиңиздиң ҳақысын өтеп болмайды.
Шынында да, ҳәр бир баланы өз перзентиндей ардақлап, жас әўлад тәрбиясы ушын көз нурын, жүрек ҳәўирин, пүткил барлығын бағышлайтуғын муғаллимлер ҳәм устазлар шын мәнисинде пидайы кәсип ийелери болып есапланады.
Биз бүгин заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди, шет тиллерин пуқта ийелеп, үлкен үмит ҳәм исеним менен өмирге қәдем қойып атырған, ертеңги күнимиздиң шешиўши күши болған мыңлаған перзентлеримиз камалында муғаллим ҳәм устазларымыздың шексиз үлеси бар екенлигин жақсы билемиз ҳәм сизлердиң бул уллы хызметиңизди жоқары қәдирлеймиз.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Елимиз өз раўажланыўының жаңа дәўирине қәдем қойған ҳәзирги күнде Өзбекистан Республикасын 2017-2021-жылларда раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында барлық салаларда кең көлемли өзгерислер әмелге асырылмақта.
Әне усы реформалардың табысы, елимиздиң дүньядағы раўажланған, заманагөй мәмлекетлер қатарынан мүнәсип орын ийелеўи бәринен бурын илим ҳәм тәлим-тәрбия саласының раўажланыўы менен, бул бағдарда бизиң дүнья көлеминде бәсекиге шыдамлы бола алыўымыз арқалы тығыз байланыслы, десек ҳеш қандай асыра айтқан болмаймыз.
Әйне сол мақсетте өткен бир жыл даўамында Өзбекистан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң тиккелей тәлим-тәрбия саласына тийисли болған 74 пәрманы, қарар ҳәм бийлиги қабыл етилгенин атап өтиў орынлы.
Әлбетте, саланың раўажланыўына жоқары итибардың нәтийжеси болған бул ҳүжжетлерди турмысқа нәтийжели енгизиў, оларды мисли жанландырыўда биз ең дәслеп сиз, әзиз муғаллимлер ҳәм устазларға, сизлердиң билим ҳәм тәжирийбеңизге, талант ҳәм шеберлигиңизге сүйенемиз.
Бүгинги күнде биз заман талабы ҳәм халқымыздың өтиниш-тилегинен келип шыққан ҳалда, билимлендириў системасында үлкен реформаларды әмелге асырыўға киристик. Соның ишинде, улыўма орта билим бериў саласында әә жыллық системаға өтиў, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлерин оптималластырыў, ө жаңа жоқары билимлендириў мәкемесин ҳәм филиаллар шөлкемлестириў, әү университет ҳәм институтта әғ бағдар бойынша кешки ҳәм сыртқы бөлимлер ашыў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тармағын кеңейтиў, мәмлекетлик емес билимлендириў хызметин көрсетиў, педагог кадрларды ҳәм халық билимлендириў хызметкерлерин таярлаў ҳәм қайта таярлаў, олардың маманлығын арттырыў системасын жетилистириў бойынша енгизилип атырған, узақты гөзлеген реформалардың мәниси менен әҳмийетин сиз, ҳүрметли муғаллим ҳәм устазлар, әлбетте, ҳәммеден көре жақсы түсинесиз.
Әне сол жумысларымыздың даўамы сыпатында усы күнлери Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме-коммуникация технологиялары бағдарына тийисли пәнлерди тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектеп, Мырза Улығбек атындағы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеп-интернаты, «Астрономия ҳәм аэронавтика» бағы шөлкемлестирилип атырғаны, әлбетте, елимизде билимлендириўдиң сапасын дүнья стандартлары дәрежесине көтериўге хызмет етеди.
Сондай-ақ, Ташкент қаласында Америка Қурама Штатларының абыройлы Вебстер университетиниң филиалы ашылыўы да илим ҳәм билимлендириў саласында алдынғы шет ел тәжирийбесин және инновацияларды енгизиў жолында әҳмийетли қәдем болады.
Соның менен бирге, биз тәлим-тәрбия мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў муғаллимлердиң, профессор-оқытыўшылардың маманлығын арттырыў, шет еллердеги жетекши билимлендириў орайлары менен илимий-педагогикалық бирге ислесиўди күшейтиў, оқыў-тәрбия процесслерине заманагөй билимлендириў ҳәм мәлимлеме-технологияларын, жаңа оқыў методикаларын енгизиў бойынша еле алдымызда көплеген әҳмийетли ўазыйпалар турғанын жақсы түсинемиз ҳәм олардың шешими бойынша турақлы түрде жумыс алып барамыз.
Ҳүрметли дослар!
Бүгинги күнде тез пәт пенен өзгерип атырған турмыс алдымызға қойған бир-биринен қурамалы ҳәм әҳмийетли мәселелерди шешиў ҳаққында ойлар екенбиз, олардың шешими әйне тәлим-тәрбия менен, жаслардың көз-қарасын заманагөй билим, жоқары мәнаўият ҳәм ағартыўшылық тийкарында қәлиплестириў менен байланыслы екенине және бир мәрте исеним арттырамыз.
Соның ишинде, пүткил инсаниятты тәшўишке салып атырған терроризм ҳәм экстремизм сыяқлы иллетлерди сапластырыўда тек ғана олардың ақыбетлерине қарсы гүресиў менен шекленбестен, биринши гезекте бул қәўиплерди келтирип шығарып атырған себеплерге қарсы гүресиў, жасларды ийгиликли адамгершилик идеялары руўхында тәрбиялаў ең тийкарғы ўазыйпаға айланбақта.
Әне усылай қатнас жасаў Өзбекистан тәрепинен абырайлы халықаралық саммитлерде, атап айтқанда, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының жақында болып өткен 72-сессиясында айрықша атап өтилгени сизлерге жақсы белгили, әлбетте.
Бул бағдарда биз алға қойып атырған «Жаўызлық ҳәм зорлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресемиз» деген идея ҳәм баслама халықаралық майданда үлкен итибар және қызығыўшылық оятып, қоллап-қуўатланбақта.
Халқымыз зиялыларының алдынғы ўәкиллери болған сиз, ҳүрметли муғаллим ҳәм устазлар елимизде жәмийетлик-руўхый орталықты жақсылаў, жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жәмийетимизде тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў бойынша алып барып атырған жумысларымызды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, турмыста өзин ақлаған мектеп, шаңарақ ҳәм мәҳәллениң бирге ислесиўине тийкарланған жәмийетлик системаның нәтийжесин арттырыўда белсене қатнасып, бәршеге өрнек ҳәм үлги боласыз, деп беккем исенемен.
Сиз, әзизлердиң әне усы ийгиликли мақсетлерге ерисиў, инсан ҳәр тәреплеме еркин ҳәм абадан жасайтуғын жаңа Өзбекистан мәмлекетин қурыў, әзиз Ўатанымызды буннан былай да раўажландырыўға қаратылған аўыр ҳәм машақатлы, соның менен бирге, оғада ҳүрметли мийнетиңизди мүнәсип қәдирлеў ушын биз мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң бар күш және имканиятларын жумсаўға таярмыз.
Сизлерди 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге денсаўлық, бахыт ҳәм әўмет, шаңарақларыңызға тынышлық-қәтержамлық, қут-берекет тилеймен. Бәрқулла саў-саламат болың, әзиз устазлар!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекистан Республикасы Президенти