Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының профессор-оқытыўшылары, техникалық хызметкерлери ҳәм студент-жаслары елимизде 18-19-август күнлери улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги күнлеринде өз белсендилигин көрсетпекте.

 

 

Бүгин – 18-август күни таң азаннан институттың 400 ге шамалас профессор-оқытыўшылары, 500 ден аслам техникалық хызметкерлери институт жайласқан аймақ ҳәм Билимлер көшеси әтирапларында абаданластырыў, жабайы шөп-шарлардан тазалаў, тереклерди ҳәклеў, шығындыларды арнаўлы автомашиналар жәрдеминде тийисли орынларға алып барыў сыяқлы жумысларды атқармақта.

 

 

Институт Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң белсенди ағзалары ҳәм өз басламалары менен шыққан 70 тен аслам студент-жаслар Нөкис қаласының орайында жайласқан Әмир Темур атындағы дем алыў орайында абаданластырыў жумысларын алып бармақта.

 

 

Институт ректорының басламасы менен, улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги күнлери елимизди абат етиўге өз үлеслерин қосып атырған институттың профессор-оқытыўшылары, техникалық хызметкерлери, студент-жаслары, сондай-ақ, усындай ийгиликли жумысларда бар күш-жигерин көрсетип атырған халқымыз ушын орынларда үлкен қазанларда аўқат асылып, байрам дастурханы жайылмақта.

Қулласы, улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги елимизде байрам алдынан және бир байрамға айланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.