Бүгин Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтпекте.  Онда бир қатар нызам жойбарларын додалаў күн тәртибине қойылған.

Мәжилистиң басында Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмаилов усы күнлерде мәмлекетимизде «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»  мәмлекетлик бағдарламасы жойбары кең жәмийетшилик тәрепинен қызғын додаланып атырғанына тоқтап өтти.

Бул қолланба ҳүжжетти және де  жетилистириў бойынша усыныс ҳәм басламалар билдирилип атырғаны, соның ишинде, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары, фракция  ҳәм комитетлердиң ўәкиллери де мәмлекетлик бағдарлама жойбарын додалаўларда қатнасып атырғанын атап өтти.

–  Мәмлекетлик бағдарлама жойбары сиясий партиялар фракцияларының мәжилислеринде де көрип шығылып, олар өзлериниң усынысларын ислеп шықпақта. 22-январьға шекем жәмийетшиликтиң додалаўы даўам етеди. Усы ўақытқа шекем палатамызда мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы ҳәр шеректе тыңланған. Енди жаңа Конституциямыздың талапларынан келип шығып, жылда еки мәрте мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша ҳүкиметтиң есабатын тыңлаймыз. Парламент  усы тийкарда бағдарламаның орынланыўын тәмийинелеўде қатнасып барады, – деди Спикер.

Мәжилисте сиясий партиялар фракцияларының басшылары да шығып сөйлеп, 2025-жылғы мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған мақсетлер, оның мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында өз пикирлерин билдирди.

Соның ишинде, Өзбекстан Экологиялық партиясының жетекшиси, фракция басшысы Абдушукур Ҳамзаев 2025-жыл экологияға бағышланған жыл болғаны ҳәм мәмлекетлик бағдарламада 100 мақсет, 300 ден аслам илажлардың көрилгени, олардың арасында Экопартия тәрепинен усыныс етилген мақсетлер орын алғаны қуўанарлы екенин атап өтти:

– Әсиресе, жаўын суўларынан пайдаланыў бойынша усынысларымыз, атмосфера ҳаўасын бузатуғын, түрли ийис ҳәм зыянлы затларды шығарыўшы кәрханаларды қурыўға руқсат бермеў, жасыл транспортта ҳәрекетлениўди хошаметлеў, пластикалық өнимлерди азайтыў, Арал машқаласы бойынша ҳәм шығындылар менен байланыслы усынысларымыз инабатқа алынғанын айрықша атап өтиў зәрүр. Бул партияның ўәкиллерин қуўандырыў мененбирге, бизлерге үлкен жуўапкершилик те жүклейди.

Мәмлекетлик бағдарламаны жетилистириў, усыныслар бериў бағдарында аймақлық кеңеслеримиз, депутатларымыз бенен додалаўлар өткерилмекте. Мәмлекетлик бағдарламаның орынлардағы орынланыўы бойынша жәмийетлик ҳәм депутатлық қадағалаўды алып барыўға айрықша итибар қаратамыз, – деди Эко партия жетекшиси.

Сондай-ақ,  мәжилисте қалған төрт партия фракциясының басшылары да шығып сөйлеп,  мәмлекетлик бағдарламаның жойбарына партия бағдарламалық ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда өз мүнәсибетин билдирди. Партиялар тәрепинен берилген усыныслар жойбарда көрилгенин атап өтти. Бағдарлама жойбарын және де  жетилистириў ҳәм келешекте орынланыўын тәмийинлеўде белсене қатнасатуғынын атап өтти.

МуҳтарамаКомилова, ӨзА