Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 7-декабрь күни халықты талап жоқары кәсиплерге оқытыў ҳәм дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў илажлары бойынша кеңейтилген мәжилис өткерилди.
Бул мәселе мәмлекетимиздиң социаллық сиясатында бәрқулла әҳмийетли. Экономикалық глобалласыў процесинде орта буўын кадрларына болған талап күн сайын артып бармақта.
Соның ушын мәжилисте орта буўын қәнигелерин таярлаўдағы тийкарғы мәселелер талланып, әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.
Соңғы бес жылда санаат кәрханаларына 24 миллиард долларлық үскенелер алып келинип, 63 мың жаңа қуўатлық иске қосылған, 1 миллион 500 мың турақлы жумыс орны жаратылған. Ҳәзирги ўақытта экономика тармақларында 200 мыңнан артық маман қәнигеге талап бар.
Келеси үш жылда инвестиция бағдарламалары шеңберинде иске қосылатуғын кәрханаларда және 500 мың жумысшыға талап жүзеге келеди. Жаңа үскенелер ҳәм технологияларда ислеў ушын маман кадрлар суў ҳәм ҳаўадай зәрүр.
Мәмлекетимизде потенциаллы кадрлар таярлаў ушын техникумлар менен кәрханаларды байланыстырып, дуал билимлендириў системасын раўажландырыў бойынша унамлы тәжирийбелер бар. Соның ишинде, Асака транспорт ҳәм машина қурылысы техникумы, Буҳара қалалық энергетика, нефть ҳәм газ санааты техникумы, Ширин энергетика техникумы, Ғузар районы ҳәм Шаҳрисабз қалалық 1-санлы техникумларында жергиликли ҳәм сырт елли кәрханалар менен биргеликте заманагөй қәнигелер таярланбақта.
Соның менен бирге, жеке меншик кәрханаларды қоллап-қуўатлаў, оларға пайдалы шараят жаратып бериў арқалы дуал билимлендириўге қамтып алыўды арттырыў бойынша илажлар белгилеп берилди.
Германия менен биргеликте 14 техникумда талап жоқары кәсиплерге ҳәм немис тилине оқытыў жолға қойылмақта. Ҳәкимлер ҳәм тармақ басшыларына ҳәр бир аймақта кеминде 5 техникумда усы тәжирийбени енгизиў тапсырылды.
Заманагөй кәсиплерде шет тиллерин билиў оғада әҳмийетли. Соның ушын мектеплер ҳәм кәсип-өнерге оқытыў орайларында бундай сабақларды көбейтиў, техикумларға сырт елден оқытыўшыларды алып келиў бойынша көрсетпелер берилди.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги системасындағы 65 кәсиплик көнликпе орайында оқытыўдың сапасын арттырыў, грантлар тартыў, заманагөй кәсиплерге сәйкес үскенелер менен тәмийинлеў керек екени айтылды.
Ўәлаятлардағы 13 қурылыс кәсибине оқытыў орайының бағдарламалары да мийнет базарындағы талап жоқары кәсиплерге бейимлестириледи. Қабыллаў системасы санластырылып, жылына 20 мың пуқара кәсипке таярланады.
Кәсиплерди еркин яки шәкиртболып үйренгенлерге халықаралық тән алынатуғын сертификатлар бериў жолға қойылады. Буның ушын аймақларда 5 Кәсиплик маманлықты баҳалаў орайы шөлкемлестириледи.
Сыртқы ислер министрлигине Уллы Британия, Германия, Канада, Словакия, Австралия, Жаңа Зеландия сыяқлы мәмлекетлерде оқыў ҳәм маманлық арттырыў, заманагөй кәрханаларда ислеў тилегинде болған пуқараларға жеңиллик болыўы ушын виза тәртибин әпиўайыластырыў бойынша зәрүр илажлар көриў тапсырылды.
Бизге белгили, раўажланған мәмлекетлерде студентлер ушын “Work and Travel” сыяқлы көплеген бағдарламалар бар. Соның ишинде, Өзбекстанлы жаслар дем алыс ўақтында сырт елге барып, ҳәм билим алып, ҳәм дәрамат таўып атыр. Бул бағдарламалардан пайдаланыў имканиятын арттырыў мақсетинде, келеси жылы Жаслар ислери агентлиги тәрепинен студентлердиң жол ҳақы қәрежетлери ушын ссуда ажыратыў жолға қойылатуғыны айтылды.
Буннан тысқары, сырт елде жумыс ислеп атырған ўатанласларымыз бенен байланысты күшейтиў, олардың көбирек айлық алыўына шараят жаратыў, социаллық ҳәм ҳуқықый қоллап-қуўатлаў керек екени атап өтилди.
Мәжилисте жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды. Жумыссыз халықты талап жоқары кәсиплерге оқытыў, сырт елден қайтқанлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.
ӨзА