Мүнәсибет

Мәмлекетимизде соңғы жыллары сырт елде жасап атырған ўатанласларды және де бирлестириў, олардың қәлби ҳәм санасында ўатан менен мақтаныш сезимин жоқарылатыў, миллий өзликти сақлап қалыў, ўатанласлар ҳәм олар тәрепинен дүзилген жәмийет бирлеспелерин қоллап-қуўатлаў, ҳәр қыйлы тараўларда жумыс алып барып атырған ўатанласларымыздың имканиятын мәмлекетимиздиң раўажланыўына нәтийжели бағдарлаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Жақында Президентимиздиң «Елимиздиң экономикалық ҳәм социаллық турмысында белсенди қатнасыўға умтылып атырған ўатанласларды қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына қол қойылды ҳәм тараўда әмелге асырылып атырған жумысларды жаңа басқышқа алып шығыў имканияты жаратылды.

Бул қарарда белгиленген айырым ўазыйпалар партиямыз идея ҳәм мақсетлерине үнлеслиги менен әҳмийетли болып есапланады. Атап айтқанда, сырт елде жасап атырған ўатанласларды қоллап-қуўатлаў, тарийхый Ўатаны әтирапында және де бирлестириў, қәлби ҳәм санасында ўатан менен мақтаныў туйғысын жоқарылатыў, миллий өзлигин сақлап қалыў ҳәм олар менен турақлы қарым-қатнасты кеңейтиўге қаратылған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-августтағы қарары менен «Ўатанласлар» жәмийетлик фонды шөлкемлестирилген еди. Ҳәзирги күнде бул фонд халықаралық ҳуқықтың улыўмалық тән алынған принциплери ҳәм нормалары тийкарында сырт елде жасап атырған ўатанласлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўға жәрдемлесиў, сырт еллерде қыйын турмыслық жағдайға түсип қалған ўатанласларды белгиленген тәртипте материаллық ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў, ҳуқықый жәрдем көрсетиў, раўажланған сырт еллерде жасап атырған илимпаз ҳәм дөретиўши ўатанласларымыздың елимиздиң абырайын арттырыўға қаратылған илимий, дөретиўшилик изленислерин қоллап-қуўатлаў бағдарында көплеген жумысларды әмелге асырды.

Соның ишинде, қарарға бола ўатанласларға қосымша ҳуқықлар ҳәм жеңилликлер беретуғын «Ўатанлас» гүўалығы ҳәм «Ўатанлас» картасы енгизилмекте. Гүўалық ҳәм карта Өзбекстанда акция (үлес) сатып алған, сырт ел ямаса қоспа кәрхана шөлкемлестирилген, елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўына, халықаралық имиджине және де жоқарылаўына үлес қосқан ўатанласларға бериледи. Онда бул гүўалық ҳәм картаға ийе болған ўатанласларға бир қатар ҳуқықлар ҳәм жеңилликлер бериледи. Өзбекстан аймағына визасыз кириў ҳәм шығыў, Өзбекстан аймағына ислеў ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетсиз мийнет жумысын алып барыўда Өзбекстан аймағында жасаў гүўалығы талап етилмейди, көшпес мүлк сатып алыўда сырт ел пуқараларына белгиленген көшпес мүлк муғдарлары қолланылмайды. Өзи ҳәм шаңарақ ағзаларына Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын белгиленген шәртлерде медициналық, билимлендириў ҳәм басқа да мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў, шаңарақ ағзаларына мәмлекет бажысыз көп мәртелик виза алыў ҳәм оның әмел етиў мүддетин Өзбекстан аймағынан шықпастан узайтыў, шаңарақ ағзаларын ўақтынша турған орны бойынша дизимге алыўда мәмлекет бажысынан азат етиў ҳәм басқа да көплеген имканиятлар жаратылмақта.

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен бирге ислесиў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуўатлайды. Сырт елде жасап атырған ўатанласларымыз бенен үзликсиз сөйлесиў ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў, олардың мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардағы қатнасыўына зәрүрлик бар екенлигин атап өтеди. Бул оларға да өзлериниң тарийхый Ўатаны – Өзбекстанның абырайын арттырыўда қатнасыўына, ўатанласлық миннетин орынлаў ушын берилетуғын имканият деп есаплайды ҳәм бул бағдардағы жумысларды қоллап-қуўатлаўда даўам етеди.

Жуўмақлап айтқанда, бул қарар тийкарында келешекте сырт елдеги ўатанласлар менен биргеликте мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолында үлкен жумыслар әмелге асырылады.

Тәжибай Романов,

«Миллий тикланиш» демократиялық партиясы

Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы,

Жоқарғы Кеңестеги партия фракциясының басшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги