Пайтахтымызда  «Жәдидлер изинен»  республикалық таңлаўының Нөкис қалалық басқышы болып өтти.

Таңлаў улыўма орта билим бериў мектеплериниң 6-8-класс ҳәм 9-10-класс оқыўшылары арасында өткерилди.

Онда қатнасыўшылар еки шәрт бойынша беллести. Атап айтқанда, 1-шәртте оқыўшылар уллы жадидшилик ҳәрекети ғайраткерлериниң өмир жолы, дөретиўшилиги ҳәм шығармалары тийкарында дүзилген тест сынақларында билимлерин сынақтан өткерген болса, 2-шәртте ҳәр бир қатнасыўшыға жадид ойшыллары ҳәм жазыўшыларының жазып қалдырған мийрасларына байланыслы сораўлар бойынша өз-ара беллести.

Өткерилген таңлаў жуўмағында, 6-8-класс оқыўшылар арасында биринши орынды 31-санлы мектеп оқыўшылары ийелеген болса, екинши  орынды 19-санлы, үшинши орынды 3-санлы улыўма орта билим бериў мектеплериниң командаларына несип етти.

Ал, 9-10-класс оқыўшылары арасында өткерилген жарыста болса, биринши орынды 42-санлы мектеп оқыўшылары жеңип алыўға еристи.

Сыйлы екинши орынға 19-санлы, үшинши орынға  18-санлы улыўма орта билим бериў мектеплери ылайық деп табылды.


 

Таңлаў соңында жеңимпаз оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланып, биринши орынды ийелеген жеңимпаз командаларға таңлаўдың республикалық басқышына жолламалар берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы