2024-жыл 23-октябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ елиӯ тоғызыншы жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардыӊ ӯәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм  ғалаба хабар қуралларыныӊ хызметкерлери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатыныӊ Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттыӊ YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Олий Мажлис Сенатыныӊ елиӯ тоғызыншы жалпы мәжилисинде дәслеп  «Телекоммуникациялар ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Нызам менен телекоммуникация базары раӯажланған сырт мәмлекетлердиӊ тәжирийбеси ҳәм әмелияты тереӊ талланды. Онда телекоммуникация базарын тәртипке салатуғын регулятор ҳәм усы базарды раӯажландырыӯ сиясатын алып баратуғын мәмлекетлик уйымлардыӊ ӯазыйпалары анық белгиленип қойылмақта.

Соныӊ ишинде, нызамда тәртипке салатуғын уйымға теллекомуникациялар тараӯындағы жумысты лицензиялаӯ, руқсат бериӯ тәртип-қағыйдаларын әмелге асырыӯ, тәбийғый ҳәм техноген қәсийетке ийе айрықша жағдайларда ямаса айрықша жағдайларда телекоммуникация инфраструктураларынан айрықша пайдаланыӯ ҳәм  олардыӊ жумысын тиклеӯ ҳәм раӯажландырыӯ, операторлар ҳәм провайдерлердиӊ  жумыс ислеўи ушын теӊ ҳәм әдилликли бәсеки орталығын тәмийинлеӯ ӯәкилликлери берилмекте.

Сондай-ақ, тәртипке салатуғын уйымныӊ өз ӯәкилликлери шеӊберинде қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлериниӊ талаплары барлық юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен орынланыӯы мәжбүрий етип белгилеп қойылмақта.

Нызамныӊ   қабыл етилиӯи исбилерменлик субъектлерине жеӊиллик бериӯ менен бирге ҳүкиметтиӊ экономика ҳәм жәмийетти санластырыӯ бойынша стратегиялық бағдарламасыныӊ әҳмийетли бөлими болған телекоммуникация секторыныӊ турақлы раӯажланыӯы ушын беккем тырнақ жаратады.

Нызам  сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соӊ «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниӊ Инсан хуқықлары бойынша ӯәкили (омбудсман) ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Бул нызам жаӊаланған Конституцияға сәйкес түрде мәмлекетимизде пуқаралардыӊ хуқықлары менен еркинликлерин қорғаӯды толық тәмийинлеӯ ҳәм күшейтиӯди нәзерде тутатуғын бир қатар өзгерислерди өз ишине алған.

Атап айтқанда, Олий Мажлистиӊ Инсан хуқықлары бойынша ӯәкили Өзбекстан Республикасы Президентине, Олий Мажлис палаталарына  ҳәм Министрлер Кабинетине инсан хуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаӯ бойынша хуқықый, шөлкемлестириӯшилик, социаллық-экономикалық ҳәм басқа илажлар көриӯге қаратылған арнаӯлы баянатлар бериўи белгиленбекте.

Нызам менен Омбудсманныӊ нызамшылық усынысларын нызамшылық басламасы тәртибинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасына киргизиӯ хуқықы енгизилмекте.

Сондай-ақ, Омбудсман ҳәм оныӊ орынбасарыныӊ ӯәкилликлери, қолқатылмаслығыныӊ қосымша  кепилликлери де енгизилип, оларға жүкленген ӯазыйпалардыӊ  машқаласыз ҳәм нәтийжели орынланыӯы нызамда беккемленбекте.

Нызамда  сайланыӯ күни отыз жасқа толған, кеминде бес жыл Өзбекстан Республикасы  аймағында турақлы жасап атырған Өзбекстан Республикасы пуқарасы Омбудсман лаӯазымына сайланыӯ мүмкин екенлиги нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, нызамда жазаны орынлаӯ мәкемелери ҳәм тергеӯ қамақханалары аймағында «Омбудсман қутысы» түсиниги киргизилип, оған еркинен айырылған шахслардыӊ мүрәжат етиӯиниӊ хуқықый механизми белгиленбекте.

Бул нызамныӊ қабыл етилиӯи Инсан хуқықлары бойынша ӯәкил (омбудсман) институтыныӊ еркин миллий институт сыпатындағы әҳмийетин және де арттырып, Омбудсман жумысының институционаллық тийкарларын жетилистириледи.

Оныӊ инсан хуқықлары менен еркинликлерине әмел етилиӯин тәмийинлеӯ бағдарындағы ӯәкилликлериниӊ кеӊейиӯине ҳәм аймақлық ӯәкилликлериниӊ жумыс нәтийжелилигин арттырыӯға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасыныӊ Салық кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиӯ ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Нызам менен Салық кодексине жоқары турақлылық рейтингине ийе болған исбилерменлик субъектлери ушын хошаметлеӯ илажлары енгизилиӯин нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Кодекске  исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги түсиниги киргизилмекте.

Жоқары турақлылық рейтингине ийе болған исбилерменлик субъектлерин салықлар бойынша (буған қосымша қун салығы кирмейди) артықша төленген сумманы қайтарыӯ он күнлик мүддетте әмелге асырылатуғыны белгиленбекте.

Сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги бойынша «ААА» категориядағы исбилерменлик субъектлерине болса салық тексериӯлери өткерилмейди (буған жынайый  ислер шеӊберинде өткерилетуғын тексериӯлер кирмейди).

Усы категориядағы исбилерменлик субъектлерине қосымша қун салығы суммасыныӊ орнын қаплаӯ камерал салық тексериӯинен өткерилместен бир күнлик мүддетте әмелге асырылады.









Бул нызам салықларды өз ӯақтында төлеп атырған ҳәм нызамшылық талапларына муӯапық жумысты әмелге асырылып атырған исбилерменлик субъектлерине және де қолайлы шараятлар жаратыӯға ҳәм оларды хошаметлеӯге хызмет етеди.

Қызғын додалаӯдан соӊ нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, Сенаттыӊ жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниӊ 483-статьясына пиллешилик жип тармағын және де раӯажландырыӯға қаратылған қосымша киргизиӯ ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Мәмлекетимизде пиллешилик тараӯын және де раӯажландырыӯ, тутатызларын шөлкемлестириӯ ҳәм ийирилген жип қуртын бағыӯ арқалы халықтыӊ бәнтилигн тәмийинлеӯ ҳәм дәраматларын арттырыӯ бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Аӯыллық жерлерде халықтаӊ бәнтлигин тәмийинлеӯде әҳмийетли тармақлардан бири есапланған пиллешиликте избе-из реформалар әмелге асырылып, бүгинги күнде республикамызда  пиллени қайта ислеӯ, наўқан қурты туқымгершилик ҳәм тутшылық хожалықларыныӊ жумысы жолға қойылған, сондай-ақ, тараӯда 108 мыӊ турақлы ҳәм 1 миллионнан аслам мәӯсимлик жумысшылардыӊ бәнтлиги тәмийинленбекте.

Салық кодексиниӊ 483-статьясына 2023-жыл 1-январьдан 2026-жыл 1-январьға шекемги дәӯирде физикалық тәреплердиӊ үй шараятында тири пилле жетистириӯ жумысты үйге алып ислеў жумысынан алынған дәраматлары физикалық тәреплерден алынатуғын  дәрамат салығынан азат етилетуғынын нәзерде тутатуғын қосымша киргизилмекте.

Нызамға бола, пилле жетистириӯши юридикалық тәреплердиӊ үй шараятында тири пиле жетистириӯши жумысты үйге алып ислеўшилердиң мийнетине ҳақы төлеӯ қаратылатуғын қаржылары ҳәм босаған қаржыларды жумысты үйге алып ислеўшилерди материаллық хошаметлеӯге бағдарлаӯ шәрти менен социаллық салықтан азат етиледи.

Нызамда пилле жетистириӯ тараӯында от-жем базасы сыпатында пайдаланылған тут атызлары менен бәнт болған жер участкалары ушын жер салығы халық депутатлары район (қала)лық Кеӊеслери белгилеген салық ставкаларына 0,1 коэффициент  қолланылған ҳалда есаплап шығыўы белгиленбекте.

Нызамныӊ қабыл  етилиӯи пиллешилик тармағын және де раӯажландырыӯ, тараӯда өндирис көлемин, таяр өнимниӊ үлеси ҳәм экспорт потенциалын арттырыӯ имканиятын береди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттыӊ  елиӯ тоғызыншы жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасыныӊ Салық ҳәм Бажыхана кодекслерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиӯ ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Нызам менен  оператив-излеӯ илажлары системаларыныӊ техникалық қуралларын республика аймағына алып кириӯде телекоммуникациялар операторларына салық ҳәм бажыхана жеӊилликлери берилмекте.

Салық кодексине  киргизилип атырған қосымшаға муӯапық енди арнаӯлы ӯәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен республика аймағына алып киргизилетуғын оператив  излеӯ илажлары системасыныӊ техникалық қураллары салықтан азат етиледи ҳәм усы техникалық қураллар салық салыӯ объекти есапланбайды.

Буннан тысқары, Бажыхана кодексине жоқарыда көрсетилген техникалық қуралларды бажыхана бажысын төлеӯден азат етиӯ тәризинде тариф жеӊилликлери берилетуғынын нәзерде тутатуғын қосымша киргизилмекте.

Сондай-ақ, әскерий хызметти нәзерде тутатуғын  басқа уйымлар әскерий жүклер бажыхана рәсмийлестириӯинде бажыхана  жыйымын төлеӯден азат етилмекте.

Сенаторлардың атап өткениндей, нызам белгиленген салық ҳәм бажыхана жеӊилликлеринен оператив-излеӯ илажлары системаларыныӊ техникалық қуралларын республика аймағына алып кириӯде пайдаланыӯ тәртибин және де жетилистириӯге ҳәм оператив-излеӯ илажларыныӊ нәтийжелилигин арттырыӯға хызмет етеди.

Додалаӯдан соӊ нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соныӊ менен бирге, Сенаттыӊ гезектеги жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыӯ, тараӯдағы хуқықбузарлықлардыӊ алдын алыӯ механизмлерин жетилистириӯге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиӯ ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Соӊғы жылларда жерден ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыӯ бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Соныӊ нәтийжесинде халықтыӊ жерге болған мүнәсибети түп-тийкарынан өзгерди.

Бирақ, тараӯда елеге шекем айырым кемшиликлер сақланып атырғаны нызамшылықты және де жетилистириӯ зәрүр екенлигин жүзеге келтирди ҳәм усы мақсетте бул нызам ислеп шығылды.

Нызам менен әмелиятқа бир қатар өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте. Атап айтқанда, жер ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлериниӊ талапларын бузғаны менен байланыслы қылмыслар ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуӯапкершилик илажлары күшейтилмекте.

Жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеп алыӯ сыяқлы жынаятлар тек ғана прокуратура уйымлары тәрепинен тергеӯ етилетуғыны белгиленбекте.

Әмелдеги нызамшылыққа бола, бундай түрдеги жынаятларды тергеӯ тек прокуратура емес, ал ишки ислер уйымларыныӊ тергеӯшилери тәрепинен де әмелге асырылатуғын еди.

Экономикалық ҳәм Пуқаралық процессуал кодекслери өзбасымшалық пенен ийеленген мәмлекет ийелигиндеги жер участкаларын қайтарыӯ ҳәм нызамсыз қурылмаларды бузып таслаӯға байланыслы ислерди судларда көрип шығыӯдыӊ айрықша тәртибин белгилейтуғын нормалар менен толықтырылмақта.

Сондай-ақ, жергиликли атқарыӯ ҳәкимияты уйымлары пуқаралық ҳәм экономикалық судларға жер ҳаққындағы  нызам бузылыӯы менен байланыслы даӯа арза киргизиӯде мәмлекетлик бажыдан азат етилетуғыны белгиленбекте.

Додалаӯ даӯамында нызамныӊ қабыл етилиӯи жер участкаларына байланыслы жүз берип атырған хуқықбузарлықларға қарсы гүресиӯдиң нәтийжелилиги артыӯына, жынаятлар бойынша жеткерилген зыянныӊ өз ӯақтында өндирилиӯине хызмет ететуғыны атап өтилди.

Қызғын додалаӯдан соӊ нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соныӊ менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ елиӯ тоғызыншы жалпы мәжилисиниӊ биринши жумыс күни жуӯмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатыныӊ

Мәлимлеме хызмети