Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлер турақ жайында студент-жаслар менен “Сайлаў нызамшылығы ҳәм әмелияты” атамасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда университеттиң Юридика факультети деканы Ф.Қутлымуратов, “Пуқаралық ҳәм бизнес ҳуқықы” кафедрасының баслығы М.Тилеўмуратов, усы кафедраның доценти Ш.Шамшетов ҳәм ассистент-оқытыўшылары Ю.Абдиреймов,  Т.Джадигеровлар шығып сөйлеп, быйылғы сайлаўдың әҳмийети ҳәм өзгешеликлерине кеңнен тоқтап өтти.

Ушырасыўда студент-жасларға сайлаў низамшылығына киргизилген өзгерислер менен қосымшалар, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге усы жыл 27-октябрде болып өтетуғын сайлаўлардың өткерилиў тәртип-қағыйдалары, сайлаў комиссиялары системасы ҳәм жумысларының тийкарғы өзгешеликлери, аралас сайлаў системасы ҳәм оның өзгешеликлери туўралы мағлыўматлар берилди.

Сайлаўда сайлаўшылар дизими менен ислесиў, участкалық сайлаў комиссиялары жайласқан имаратларды үскенелеў ҳәм мүддетинен алдын даўыс бериўди шөлкемлестириў ҳәм сайлаў участкасындағы даўысларды санап шығыў ҳәм нәтийжелерди белгилеў тәртиби түсиндирилди.

Илажда қатнасыўшылардың да пикир-усыныслары тыңланып, студентлер қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап  алды.

 

Арыўхан Нуратдинова,

Хатира Турсынгалиева,

ҚМУ, Журналистика тәлим бағдарының 4-курс студентлери

Қарақалпақстан хабар агентлиги