Ташкенттеги «Renessans Hall» комплексинде «Өзбекстан халықаралық бизнестиң жаңа орайы сыпатында: сырт ел компаниялары ушын имканиятлар» темасындағы халықаралық илаж шөлкемлестирилди.

Илажда санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов, Латвия Республикасының бурынғы Президенти Раймондс Веёнис, Сербия Республикасының бурынғы Президенти Борис Тадич, Халықаралық электрбайланыс аўқамының бурынғы бас хаткери Ҳамадоун Туре, Ирландияның IDA шөлкеми мәсләҳәтшиси Шон Макклин, «NEC» корпорациясының бурынғы вице-президенти, ҳәзирги күнде Санлы технологиялар министри мәсләҳәтшиси Акиҳиро Сакураи қатнасты.

Илажда сөзге шыққан санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов кейинги жыллары тараўда сезилерли өсиўге ерискенин атап өтти.

Сондай-ақ, ҳәзирги күнде IТ-Парк 2200 ден аслам резидентке ийе болып, олардың 800 ден артығы экспорт етиўши, 540 тан зыяты сырт ел капиталына ийе компаниялар екени, 2030-жылға шекем IТ-Парк резидентлери тәрепинен экспортқа бағдарланған 300 000 нан аслам жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилгени ҳаққында сөз етти.

Соның менен бирге, конференцияда жергиликли ҳәм сырт елли спикерлер шығып сөйледи.

Латвия Республикасының бурынғы Президенти Раймондс Веёнистиң атап өтиўинше, Өзбекстанның финанслық орталықтағы реформалары Европа мәмлекетлери компанияларының көбейиўин әпиўайыластырады. Сырт ел инвестициялары ушын тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў ҳәм сырт ел компанияларын бул жерге келип ислеўи ушын жаратылып атырған имканиятлар әсиресе, Өзбекстанда IТ-Парк резидентлерине берилетуғын жеңилликлердиң 2040-жылға шекем созылыўы инвесторлар ушын исенимди арттырып, өзгеше орталық жаратты.

Сондай-ақ, конференция даўамында Өзбекстанда халықаралық IТ базарға жоқары дәрамат табатуғын 300 мың жас қәнигелерди жеткериў потенциалы барлығы, демография дәрежеси төменлеп атырған мәмлекетлерге IТ тараўында жоқары тәжирийбели қәнигелерди таярлаў арқалы экспортты арттырыўға жетерли имканиятлар бар екени атап өтилди.

 

Нигора Раҳмонова,

ӨзА хабаршысы