21-24-октябрь күнлери Самарканд ўәлаятында жас өспиримлер арасында халыкаралык турнир болып өтти.

Оған қарақалпақстанлы жас боксшилер де қатнасып, рингте  өзлериниң шеберликлерин  көрсетти. Олардың арасында -57 кг салмақта Н. Утениязов, -60 кг да Ф. Нурыллаев ҳәм +92 кг да А. Утебаевлар алтын,  -51 кг да Ш.Медетбаев гүмис,  -51 кг да С. Реймбаев ҳәм  -63,5 кг да Н. Джолдасбаевлар қола медальларын қолға киргизиўге миясар болды.

Республикамыз спортшыларын бул жарысқа тәжирийбели тренерлерден Р.Сеитов,  К. Абдуллаев, А. Жуманов, У. Жаксымуратов ҳәм Р.Аметовлар таярлады.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы