Шуҳрат Тешаев Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының аўыл ҳәм суў мәселелери бойынша орынбасары етип тайынланды. Усы күнге шекем ол Өзбекстан фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси баслығының биринши орынбасары лаўазымында ислеп келген.

Дәрьябай Кайпов Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министри лаўазымына тайынланды. Усы күнге шекем ол Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының аўыл ҳәм суў мәселелери бойынша орынбасары еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги