Россия Федерациясынан “Даўыт ата” шегара бажыхана посты арқалы Өзбекстан Республикасына кирип келген Өзбекстан пуқарасының басқарыўындағы “Ласетти” маркалы автотранспорт қуралы бажыхана қадағалаўынан өткерилди.
Усы автотранспортта жолаўшы ретинде киятырған пуқара автотранспорт қуралының отырғышларының арасына жәми 25 атамадағы 120 дана парфюмерия қуралларын жасырын алып өтиўге урынғаны анықланды. Бул затлар бажыхана хызметкериниң аўызша сораўы ўақтында айтылмаған ҳәм жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген, сапасы кепилленбеген товарлар болып есапланады.
Усы жерде, нызамшылыққа бола, әтир ямаса жупар ийисли суўды алып кириў ҳәр бир жолаўшы ушын улыўма муғдары үштен көп болмаған ҳалда бажыхана төлемисиз мүмкин екенлигин атап өтиўимиз керек. Егер көп муғдарда алып кирилген жағдайда, жолаўшы бажыхана декларациясында белгилеген ҳалда, бажыхана төлемлери өндирилиўи ҳәм мәжбүрий тәртипте сертификатқа ийе болыўы керек.
Ҳәзирги ўақытта усы жағдай бойынша бажыхана сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги