Усы жылдың 27-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерге болып өтетуғын әҳмийетли сиясий процесслер ҳаққында жасларға кең түрде түсиниклер бериў бойынша орынларда үгит-нәсиятлаў илажлары өткерилмекте.
Соның ишинде, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында «Сайлаў нызамшылығы ҳәм әмелияты» темасында ушырасыў өткерилди.
Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң кафедра баслығы А.Жуманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, сайлаўда қатнасыў ҳәр бир пуқараның Конституциялық ҳуқықый миннети екенлиги, сайлаў процесслеринде сиясий партиялардың қатнасы ҳаққында түсиниклер берилди.
Студент-жасларға сайлаў ҳуқықы, даўыс бериў тәртиби, ҳәзирги күнлерде алып барылып атырған сайлаўға таярлық процесслери ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилип, сайлаўлар ашық-айдынлық принциплерине тийкарланған ҳалда алып барылыўы атап өтилди.
Сайлаў жаслардың өз сайлаў ҳуқықын әмелге асырыўы ҳәм мәмлекетлик басқарыўда қатнасыўы ушын қолайлы имканият екенлиги атап өтилди. Шығып сөйлегенлер ҳәммени ўатанымыз келешеги, халқымыздың ертеңги тәғдири ушын сайлаўда белсене қатнасыўға шақырды.
Даўыт Абибуллаев,
Қарақалпақстан хабар агентлиги