ӨзЛиДеП тен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан Ахмет Реймовтың гезектеги ушырасыўы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студент-жаслары менен болып өтти.
Ушырасыўда университеттиң экономика факультети профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Талабанның исенимли ўәкили депутатлыққа талабанның мийнет жолы, усы күнге шекемги алып барған жумыслары ҳәм сайлаўалды бағдарламасы менен жақыннан таныстырып өтти. Сондай-ақ партияның 5 мақсет 500 ўазыйпаны өзинде жәмлеген сайлаўалды бағдарламасы бойынша да жасларға кеңирек мағлыўматлар берилди.
– Халықты исбилерменликке тартыўдың мәҳәлле кесиминде ислесиў бағдарламаларын ислеп шығыўды партиямыз өзиниң ең әҳмийетли ўазыйпасы етип белгилейди,-дейди А.Реймов. – Исбилерменликтиң ғалаба ен жайыўына, жумыссызлықтың азайыўына ерисиледи.
Кәсип-өнерге оқытыўдың көлеми ҳәр жылы еки есеге арттырылып, бес жылда кеминде 1 миллион пуқара базары бар кәсиплерге оқытылады.
Ушырасыў даўамында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Сондай-ақ талабанның ушырасыўы Нөкис қаласындағы Жуўазшы мәкан пуқаралар жыйынында да даўам етти.
Талабан менен биргеликте партия хызметкерлери де үйме-үй жүрип, партияның ҳәм талабанның сайлаўалды бағдарламасы менен жақыннан таныстырып, флаер ҳәм буклетлери тарқатылды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги