Нөкис қаласында қәд көтерген қос байрақлар астында пайтахтымыздағы Президент мектеби ҳәм Қәнигелескен улыўма билим бериў мектеплеринде билим алып атырған “Ватан таянчи” балалар ҳәм жас өспиримлер әскерий ўатансүйиўшилик ҳәрекети ағзаларының салтанатлы “Ўәде бериў” мәресими болып өтти.
Онда Қорғаныў министрлигиниң “Ватан таянчи” балалар ҳәм жас өспиримлер әскерий ўатансүйиўшилик ҳәрекети, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы, күш структуралары, әскерий прокуратура, Жаслар аўқамы, Жаслар ислери агентлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң ўәкиллери, Қураллы Күшлер ветеранлары ҳәм оқыўшылардың ата-аналары қатнасты.
Илажда “Ватан таянчи” ҳәрекетиниң 240 ағзасына көкирек белгилери тапсырылды.
Әскерлердиң ҳүрметли қараўыл ҳәм қол урысы элементлеринен ибарат көргизбели шығыўлары, Нөкис гарнизоны әскерий оркестри топарының нама ҳәм қосықлары атқарылды.
Илажда, әскерлер ҳәм оқыўшы-жаслар Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының байрақлары желбиреп турған майдан бойлап саяхат етти. Қарақалпақ әдебиятының ири тулғаларының бири Әжинияз Қосыбай улының естелиги алдында қызғын сәўбетлесип, халық қаҳарманлық дәстанларын ядқа алды.
Бир сөз менен айтқанда, ҳәрекет ағзаларының бир күни умытылмас ўақыяға толы болды. Мақсет – елимизге ўатансүйиўши ҳәм бәркамал инсанларды тәрбиялаўдан ибарат.
Арқа-батыс әскерий округи баспасөз хызмети
Қарақалпақстан хабар агентлиги