Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Россия Федерациясы Президенти ҳүрметли Владимир Владимирович Путин Мырзаға дәстүрий қызғын қабыллағаны ҳәм Шығыс ҳәм Батыс мәдениятлары байланысқан ҳәм мың жыллық тарийхқа ийе болған әййемги Қазан қаласында илажымызды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.
Ҳүрметли кәсиплеслеримниң шығып сөйлеўлери глобал раўажланыўдың әҳмийетли мәселелеринде кең сөйлесиў ҳәм ашық додалаўлар ушын «БРИКС плюс» форматындағы ушырасыўлар әҳмийетли екенин тастыйықламақта.
Тилекке қарсы, бүгинги күнде дүнья жедел бөлинип бармақта. Инсанларға үлкен азап-ақыретлер, аўыр дәрт ҳәм орнын толтырып болмайтуғын шығынлар келтирип атырған урыс ҳәм тартыслар саны артпақта.
Жәҳән экономикасы ҳәм саўдасының бөлекленип баратырғаны теңсизлик, технологиялық үзилислер ҳәм протекционизмди күшейтпекте. Мәмлекетлер арасында жаңа тосқынлықлар пайда болмақта.
Бундай шараятта тең ҳуқықлылық, блоклардан аўлақлық, бир-бириниң мәплерин есапқа алыў, суверенитетке ҳүрмет ҳәм өзиниң еркин раўажланыў жолына ийе болыў ҳуқықы сыяқлы принциплерге тийкарланып ҳәрекет етип атырған БРИКС өзин көп тәреплеме бирге ислесиў ҳәм шерикликтиң абырайлы ҳәм раўажланып атырған структурасы сыпатында көрсетпекте.
Өз-ара байланыслардың бундай модели Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң орайлық ролин сақлаған ҳалда дүнья тәртибиниң ҳәзиргиге қарағанда әдиллирек жаңа архитектурасын қәлиплестириў ушын беккем тийкар болыўы мүмкин екенлигине исенемиз.
Геосиясий бәсеки, миллий эгоизм ҳәм идеологиялық қәлиплерден жырақ болған, конструктивлик қарым-қатнас жолы менен глобал келисимге ерисиў бойынша жаңлаған шақырықларды қоллап-қуўатлайман.
Дүньядағы басқарыў институтларын реформалаў ҳәм «Қубла-Қубла» ҳәм «Арқа-Қубла» форматларындағы жуўапкершиликли сөйлесиўлерди кеңейтиўдиң ўақыты келди, деп есаплаймыз.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Россияның БРИКСке нәтийжели басшылығы дәўиринде Өзбекстан бул структураның Жаслар саммити ҳәм Спорт ойынларында, юридикалық ҳәм парламентлик форумларында, қәўипсизлик тараўындағы жоқары дәрежедеги ушырасыўда ҳәм басқа да илажларда белсене қатнасты.
Биз буннан былай да БРИКС мәмлекетлери менен шериклик байланысларын жедел раўажландырыў нийетиндемиз. Бул бирлеспе шеңберинде ашылып атырған жаңа имканиятлардан нәтийжели пайдаланамыз.
БРИКС Мәмлекетлериниң глобал теңсизлик ҳәм экономиканы инклюзив жол менен қайта тиклеў машқалаларын шешиў мақсетинде бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарындағы фундаменталь садықлығына қосыламыз.
Бул жерде гәп, бәринен бурын, раўажланып атырған мәмлекетлердиң өткир социаллық ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлерди шешиў, кәмбағаллық дәрежесин азайтыў, технологиялық айырмашылықларды қысқартыў ҳәм инфраструктураны модернизациялаўға қаратылған миллий раўажланыў бағдарламаларын белсене қоллап-қуўатлаў ҳаққында бармақта. Онда көп тәреплеме қаржы институтлары әҳмийетли орын ийелеўи мүмкин ҳәм шәрт. Өзбекстан тийкарғы инвестициялық ҳәм социаллық жойбарларды әмелге асырыў ушын БРИКСтиң жаңа Раўажланыў банки менен тығыз бирге ислесиў орнатыўды режелестирген.
Сондай-ақ, биз инновация, санлы экономика, «жасыл» раўажланыў ҳәм энергетика, тосқынлықларсыз электрон коммерция сыяқлы тараўларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдармыз.
БРИКС жасалма интеллект бойынша Изертлеў топарының тараўдағы итималлы қәўип-қәтерлердиң алдын алыў ҳәм басқарыўдың бирден-бир стандартларын ислеп шығыўға байланыслы биргеликтеги жойбарларында қатнасыўды мөлшерлемектемиз.
БРИКСтиң БМШтың Санааттың раўажланыўы бойынша шөлкеми (ЮНИДО) жанында шөлкемлестирилип атырған Компетенциялар орайына, сондай-ақ, усыныс етилип атырған Инвестиция платформасына қосылыўға таярмыз.
БРИКСтеги шериклеримиз бенен биргеликте транспорт тараўындағы байланыслылықты күшейтиў, жаңа трансконтинентал коридорларды жаратыў, жеткерип бериўдиң исенимли логистика шынжырларын қәлиплестириў, каботаж тасыўлар системасын раўажландырыў бағдарында тығыз жумыс алып барыў нийетиндемиз.
Сондай-ақ, азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў, климат өзгериўлериниң унамсыз ақыбетлерин сапластырыў, денсаўлықты сақлаў мәселелери де бизиң дыққатымыз орайында болады.
Шөлкем шеңберинде исбилерменлер арасындағы байланысларды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаймыз.
Барлық мәпдар мәмлекетлерге БРИКСтиң Исбилерменлер кеңесине қосылыў имканиятларын көрип шығыўды усыныс етемиз.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
БРИКС мәканында халықаралық терроризм менен байланыслы қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў мәселелери, сөзсиз, шериклигимиздиң тийкарғы бағдары болып қалады.
Радикалласыў ҳәм экстремистлик идеялардың, бәринен бурын, жаслар арасында тарқалыўының алдын алыўға айрықша итибар қаратыўымыз зәрүр.
Жақын Шығыстағы күн сайын кескинлесип баратырған тартыс бизди де тәшўишке салмақта. Бул регион қоңсы еллер ҳәм ири мәмлекетлердиң бул тартысқа тартылыўы менен глобал кризистиң ири ошағына айланып бармақта.
Биз Ғаза ҳәм Ливандағы мисли көрилмеген гуманитарлық апатшылықты кеўлимиздеги қыйналыў сезими менен қабыл етпектемиз. Тыныш халық, әсиресе, балалардың гүнасыз қурбан болыўын ҳеш қандай сиясий мақсетлер ақлай алмайды.
Ҳәзирги күнде оқ атыўды жеделлик пенен тоқтатыў ҳәм жәбирленгенлерге қыстаўлы жәрдем көрсетиў кешиктирип болмайтуғын ўазыйпа болып есапланады. Израил-Палестина машқаласының бирден-бир шешими – «еки халық ушын еки мәмлекет» принципи тийкарында тартысты тыныш жол менен шешиў болып қалмақта, деп есаплаймыз.
Глобал ҳәм регионаллық қәўипсизлик ҳаққында айтқанда, Аўғанстан машқаласын шетлеп өтиў мүмкин емес. Бизиң улыўма ўазыйпамыз – бул мәмлекетти айырыў емес, ал Аўғанстан халқына ҳәм оның әмелдеги ҳәкимиятына социаллық-экономикалық раўажланыў, тыныш қурылыс ҳәм раўажланыўдың әҳмийетли машқалаларын шешиўде жәрдем көрсетиў болып есапланады.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Өзбекстан турақлы раўажланыўдың улыўмалық мақсетлерине ерисиў ушын БРИКС мәмлекетлери менен тығыз ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўге таяр.
Итибарыңыз ушын рахмет.