Сербияда шахмат бойынша клублар арасында өткерилип атырған Европа кубогиниң артта қалған 4-турында күтилмегенде Нодирбек Абдуссаторов ҳәм Жавоҳир Синдоров командасы жеңилип қалды.
Кеше өткен 4-турда Нодирбек Абдусатторов «Түрк авиалиниясы» командасы ағзасы иранлы Парҳам Мақсудлуди жеңген, Синдоров қарсыласы Эдиз Гурел менен теңбе-тең ойнаған болса-да, «SuperChess» жеңиске ерисе алмады.
Жерлеслеримиздиң командаласы болған ҳиндстанлы Гукеш ҳәм Праггнанандха имканиятты қолдан берди.
Беллесиўлер есабына бола, Македонияның «Alkaloid» командасы жетекшиге айланды. «Түрк авиалиниясы» командасы 2-орынға көтерилип алды.
Бул жарыста Словенияның «TAJFUN-ŠK Ljubljana» командасы атын қорғап киятырған және бир жас гроссмейстеримиз Нодирбек Ёқуббоев кеше «Alkaloid» менен болған ойында дүньяның сегизинши санлы шахматшысы қытайлы Вей Йини жеңди.
5-тур алдында «SuperChess» ҳәм «TAJFUN-ŠK Ljubljana» командалары 6 упай топлаған ҳалда турнир кестесиниң 7 ҳәм 8-орынларын ийелеген.
Бүгин өтетуғын 5-турда «SuperChess» командасы Сербияның «SK JAVES Modra» командасы менен, «TAJFUN-ŠK Ljubljana» клубы болса Черногорияның «Elektroprivreda» командасы менен күш сынасады.
Еслетип өтемиз, 27-окябрьге шекем даўам ететуғын Европа кубоги беллесиўлеринде 84 ерлер командасы ойнамақта.
Т.Рўзиев,
ӨзА