ӨзЛиДеПтен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан Орал Атаниязованың сайлаўшылар менен ушырасыўы Қанлыкөл районындағы 18-санлы улыўма билим бериў мектебинде де шөлкемлестирилди.
Ушырасыўға депутатлыққа талабанның исенимли ўәкили, сиясий партия ўәкиллери ҳәм сайлаўшылар қатнасып, талабанның исенимли ўәкили О.Атаниязованың өмирбаяны ҳәм жумыслары туўралы мағлыўмат берди. Соң партияның сайлаў алды бағдарламасы ҳәм онда алға қойылған әҳмийетли ўазыйпалар, мақсетлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Атап айтқанда, партияның сайлаўалды бағдарламасында турақлы жумыс орынларын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықты исбилерменликке тартыўдың мәҳәлле кесиминдеги бағдарламаларын ислеп шығыў, район, қала ҳәм мәҳәллелердиң режелери үстинде ислеўди әҳмийетли ўазыйпа, деп биледи. Соның менен бирге, алдағы бес жыллықта жаслардың бәнтлиги ҳәм исбилерменлигин кеңнен қоллап-қуўатлайды. Буннан тысқары кексе әўлад ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў бойынша “Кекселер саламатлығын қорғаў ҳаққында”ғы нызамды қабыл етиў арқалы 70 жастан асқан кекселерге бийпул медициналық ҳәм зәрүр социаллық хызметти күшейтиў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленген.
Ушырасыўда партия тәрепинен қатнасыўшыларға буклет ҳәм флаерлер тарқатылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги