Қарақалпақстанлы исбилерменлер Қытай мәмлекетинде «Canton Fair – 2024» кѳргизбе-ямаркасында қатнаспақта,-деп хабар бермекте Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баспасөз хызмети.

Басқарма тәрепинен қарақалпақстанлы 20 дан аслам исбилерменлердиң Қытай Халық Республикасының Гуанчжоу қаласында өткерилип атырған “China Import and Export Fair (Canton Fair) – 2024” көргизбесинде қатнасыўы шөлкемлестирилмекте.

Ҳәр жылы бәҳәр ҳәм гүз мәўсимлеринде болып өтиўи дәстүрге айланған бул илажда басқарманың бөлим баслығы Расул Раметуллаевтың басшылығындағы делегация Қытай мәмлекетиниӊ жетекши исбилерменлери менен бирге ислесиў бағдарында сѳйлесиўлер алып бармақта.

“Canton Fair” ярмаркасы Қытай мәмлекетиниӊ экспорт-импорт бағдарындағы еӊ ири илажларыныӊ бири болып, онда транспорт ҳәм машина қурылысы, қурылыс ҳәм пардозлаў, тоқымашылық ҳәм аўыл хожалығы тараўларына байланыслы техникалар кѳргизбеге қойылады.

Республикамыз исбилерменлериниӊ усындай халықаралық илажларда белсене қатнасыўы елимизде ислеп шығарылып атырған ѳнимлердиӊ сапасыныӊ артыўына ҳәм олардыӊ дүнья базарына шығыўына мүмкиншилик береди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги