Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 4-курс студенти кегейлиши Нурсулыў Қоқанова «Эл-юрт умиди» фондынан 100 процентлик грант жеңип алыўға миясар болды ҳәм Уллы Британияның Рединг университетине Arts-TESOL бағдары бойынша оқыўға қабылланды.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Нурсулыў Қоқанова 2018-жылы «Жас китапқумар» таңлаўының (15-19 жас категориясында) республикалық басқышында жеңимпаз болып, Президент саўғасы болған «Spark» автомобили менен сыйлықланған еди.
Ал, 2024-жылдың 4-март күни болса, Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарары менен Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықты алыўға миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы