Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў тоғызыншы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте. Онда Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилмекте.
Жалпы мәжилистиң екинши жумыс күнин сенаторлар «Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуаллық кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамды додалаў менен баслады.
Нызамда еркинен айырылған шахсларды олар жаза өтеўин даўам еттириў ушын, сондай-ақ, руўхый кеселликке шатылған шахсларды емлеў ушын бериў ҳәм қабыл етиў тийкарлары, шәртлери ҳәм бийкар етиў ҳаққындағы қағыйдаларды киргизиў нәзерде тутылған.
Нызам сырт мәмлекетлердиң судларының қарарларын тән алыў ҳәм орынлаўға қаратыў тәртиби, шахсларды өткериў менен байланыслы қәрежетлер ҳәм басқа да мәселелерге байланыслы қағыйдаларды қамтып алған.
Нызамда қамтақтағыларды жазаны өтеўди даўам еттириў ямаса руўхый кеселликке шатылған шахсларды мәжбүрий емлеў ушын Өзбекстан Республикасына қабыл етиў ҳаққындағы мүрәжатлерди көрип шығыў тәртиби де белгиленбекте.
Бул қағыйдалардың белгилениўи миллий нызамшылықта тутқынларды тапсырыў тәртибиниң нормативлик-ҳуқықый тийкарын қәлиплестирип, Өзбекстан Республикасы халықаралық шәртнамалар бойынша өзиниң миннетлемелерин және де толық дәрежеде орынлаўына имканият береди.
Сенаторлар мақуллаған нызам тутқынды оған белгиленген жазаны өз мәмлекетинде өтеўи арқалы оны социаллық реабилитациялаўды жеделлестириўге, сондай-ақ, сырт елдеги пуқаралардың ҳуқықый қорғалыўына хызмет етеди.
Н.Абдураимова, ӨзА