“Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалында кәрхана тәрепинен 2024 – жылдың ѳткен дәӯиринде орынланған жумыслар, сондай-ақ тутыныўшыларға электр энергиясын жеткерип бериўдеги жаңалықларға бағышланған пресс-тур ҳәм баспасөз конференциясы болып өтти.
Дәслеп илаж қатнасыӯшылары филиалдың санаат базасында жайласқан АСКУЭ-электр энергиясын есапқа алыӯдың автоматласқан системасының жумысы менен танысып шықты. Бул жерде қәнигелер қурылманың ислеӯ принципи ҳаққында кең түрде түсиник берди. Буннан соң баспасѳз конференциясы ѳткерилип, онда республикамыз тутыныўшыларын сапалы ҳәм үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў, олардан келип түсип атырған мүрәжатлердиң орынланыўы, тармаққа енгизилип атырған жаңалықлар, сондай-ақ мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы бойынша ǝмелге асырылып атырған жумыслар атап өтилди. Бүгинги күнде филиал балансында 35-110 кВлы 107 жǝрдемши станция, узынлығы 21 мың 982,5 км 0,4-110 кВ электр узатыў тармағы, 6 мың 309 дана трансформатор пункти болып, олар арқалы республикамыз аймағында жасаўшы жеке хожалық тутыныўшылары, социаллық ҳǝм санаат тармақлары электр энергиясы менен тǝмийинленип келинбекте. 2024-2025-жыллардың гүзге-қысқы мǝўсимине таярлық көриў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы аймағында электр энергиясы тǝмийнатының турақлылығын тǝмийинлеў ушын 2 мың 382,9 км 0,4-110 кВ электр узатыў тармағына ҳǝм 700 дана трансформатор пунктине ири оңлаў жумысларын өткериў режелестирилип, бүгинги күнде бул реже артығы менен орынланды.
Илажда филиалдың басшы хызметкерлери журналистлерди қызықтырған сораўларға жуўап берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги