Қытайдың «Синьхуа» мәлимлеме агентлиги, «Жэньминь жибао» газетасы, «Psearcher», «Lookwe», «China Investment», «Китай» журналлары, «CRI.Online», «Takunpao» информация порталлары, «CGTN» телеканалы ҳәм басқа баслымларында усы жылы 2-4-октябрь күнлери Ташкентте болып өтетуғын «WCCЕ 2024: Инклюзив креативлик: өзгерген реаллық» темасындағы IV Дүнья креатив экономика конференциясына бағышланған мақалалар жәрияланды.
Материалларда тийкарғы итибар Өзбекстан креатив экономика бойынша конференцияны өткерип атырған Орайлық Азияның биринши мәмлекети екени атап өтилген.
Әнжуман Өзбекстан Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры, Индонезия Туризм ҳәм өндирис экономикасы министрлиги, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Саўда ҳәм раўажланыў конференциясы, Жәҳән интеллектуал шөлкеми ҳәм билимлендириў бойынша бирге ислесиў – Британия Кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирилмекте.
Авторлар илажда 80 нен аслам мәмлекеттиң мәденият ҳәм көркем өнер тараўының еки мыңнан аслам ўәкили – көркем өнер ўәкиллери, инноватор, сиясатшы ҳәм исбилерменлер жыйналатуғынына итибар берген.
Атап өтилиўинше, «WCCЕ 2024» шеңберинде технологияның жедел раўажланыўы, әсиресе жасалма интеллекттиң енгизилиўине байланыслы социаллық ҳәм экономикалық машқалалар айырықша үйрениледи. Министрлердиң тығыз сәўбети, дүнья ҳәм мәмлекетимизде креатив экономикаға бағышланған көргизбе, семинарлар, мәсләҳәт ушырасыўлары, әмелий шынығыў, презентация ҳәм басқа түрли илажлар өткериледи.
Биринши Жәҳән креатив экономика конференциясы 2018-жылы Индонезияның Бали қаласында болып өткен. 2021-жылы Дубай (БАӘ)да, 2022-жылы және Балиде шөлкемлестирилген. Халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға жәрдем бериў, инклюзив, турақлы экономиканы жеделлестириўде дөретиўшиликти арттырыў ҳәм итибарды ресурсқа тийкарланған экономикадан билимге сүйенген экономикаға өткериўге қаратылған бул әнжуман ҳәр еки жылда бир рет өткериледи.
Г.Сатторова,
ӨзА