Республикамыздың Кегейли ҳәм Беруний районларында Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги ҳәм Өзбекстан Жас фермерлер Кеңеси менен биргеликте “Жас экспортшылар” жойбары шеңберинде оқыў–семинарлары өткерилди.
Илаждан гөзленген мақсет, жас исбилерменлерди экспорт базарына кириўге таярлаў, оларға халық аралық саўда процесслерин үйретиў, усы арқалы мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын еле де арттырыўдан ибарат.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Жас фермерлер Кеңеси тәрепинен бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте жаслар, әсиресе жәмлеспеген жасларды фермерлик ҳәрекетине тартыў, жас фермерлерди көп тармақлы фермер хожалықларына айландырыўға жәрдемлесиў, олардың жумысында ушырасып атырған машқалаларды унамлы шешиўде әмелий жәрдем көрсетилип келинбекте. Сондай-ақ, жас фермерлерди сырт еллердиң алдыңғы тәжирийбелери менен таныстырыў ҳәм оларды жас фермерлердиң жумысына енгизиў, халық аралық көргизбелерде жас фермерлердиң қатнасыўын тәмийинлеўге де айрықша итибар қаратылмақта.
Оқыў-семинарларда тәжирийбели исбилерменлердиң қатнасыўында мотивациялы баянатлар жасалып, жас исбилерменлер ҳәм фермерлерге халық аралық саўда процесслери туўралы әмелий билимлер берилди. Сондай-ақ, экспорт базарын үйрениў, халықаралық шәртнамалар дүзиў, жетистирилген өнимлерди халық аралық стандартларға бейимлестириў сыяқлы тараўлардағы ең әҳмийетли мәселелер бойынша сабақлар өткерилди.
Қатнасыўшылар өнимлердиң халық аралық базарларда сатылыўын тәмийинлеў ушын сертификатластырыў процесслери, экспорт ҳуқықы ҳәм халық аралық шәртнамалар тийкарында жумыс алып барыў, қаржы имканиятлары ҳәм халық аралық саўда кредитлерин алыў усыллары бойынша да жетерли билимлерге ийе болды. Бул арқалы олардың келешекте экспортты табыслы әмелге асырыў имканиятлары кеңейтилип, жаңа экспорт базарларына кириў режелери ислеп шығылды.
Ең әҳмийетлиси, жас исбилерменлер ҳәм фермерлер халық аралық саўда тараўында тәжирийбелерин арттырды. Жойбар арқалы елимиздиң жасларына экспорттың барлық тәреплери үйретилди ҳәм олардың халық аралық базарларға шығыўы ушын зәрүр болған ресурслар менен тәмийинлеўге әҳмийетли қәдем тасланды. Бул болса, жас исбилерменлердиң дүнья базарында өз орнын табыўына, олар ушын еле де кең имканият жаратыўға хызмет етеди.
–Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 5-апрельдеги “Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасында 6 мың 72 жасқа 4 мың 685 гектар жер майданы ажыратып берилди, – дейди Өзбекстан Жас фермерлер Кеңесининиң баслығы Махмуд Иноятов. –Оқыў–семинарлардың мақсети усы ажыратылған жерлерде пайдалы егинлерди егиў, оларды қайта ислеў арқалы экспортқа жибериў, тараўға қәбилетли жасларды тартыў болып табылады.
Оқыў-семинарларының қатнасыўшылары бул бағдарда өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги