Бас прокуратура жанындағы департаменттиӊ Қоңырат районлық  бөлими тәрепинен өткерилген оператив илажда жасалма усылда таярланған алкоголь өнимлери иркилди.

Атап айтқанда, пуқара Н.М. “Соbalt” маркалы автомашинасында Төрткүл районында жасаўшы пуқарадан жасалма усылда таярланған 780 дана “Қаратаў” алкоголь өнимин Қоӊырат районына өткериў ушын алып киятырғанында усланды. Оннан бул өнимлер айғақлы дәлил ретинде алынды.

Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги