Елимизде жас әўладтың физикалық ҳәм руўхый жақтан саламат болып өсиўи, соның менен бирге олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм де жасларды ғалабалық спортқа кеңнен қамтыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта. Спортты раўажландырыўға қаратылған кең көлемли реформалар нәтийжесинде  мәмлекетимиз байрағы дүнья ареналарында көклерге көтерилип, спортшы жаслар табыслары менен халқымызды қуўанышқа бөлемекте.

Усы жылдың 15-сентябрь күни Қазақстан Республикасы Шымкент қаласында халықаралық «Шымкент марафон» жуўырыў марафоны болып өткен еди. Өткерилген марафонда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Денетәрбиясы факультетиниң 3-курс студенти Рашидбек Искандаров 5 км аралықта жуўырып, сыйлы 2-орынды ийеледи ҳәм гүмис медалды қолға киргизди.

Спортшыны жарысқа университеттиң денетәрбиясы факультетиниң ассистент оқытыўшысы Б.Жуманов таярлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги