“Ҳәр бир кәмбағал шаңарақта, әсиресе ҳаял-қызлар арасында кеминде бир жоқары мағлыўматлы болыўы ушын шараят жаратып беремиз” деген еди Ҳүрметли Президентимиз Ш.М. Мирзиёев видеоселектор мәжилисинде.
Кәмбағаллықтан шығыўдың тийкарғы шәрти бул ҳақыйқатында да билимли болыўда. Мәмлекет тәрепинен берилип атырған қаржылай жәрдем, техникалық жәрдем бир күнлери таўсылады, бузылады олар мәңгилик емес. Ал, билим ҳеш қашан өшип кетпейди. Мәмлекетимиз билим алыўымыз ушын сонша есиклерди ашып берип атыр. Оқыйман деген инсан ушын бул жақсы мүмкиншилик.
Әсиресе, келеси жылы жоқары оқыў орынлары, колледж, техникумдағы кәмбағал шаңарақ студентлериниң оқыў көрсеткиши 70-80 процент болса, оларға кейинги оқыў жылы ушын процентсиз тәлим кредити бериледи. ЖООларға кириў тестинде грантқа кириў балының 70-80 процентин топлаған кәмбағал шаңарақ ағзаларына қосымша грант ажыратылады. Жеке меншик ЖООларда ҳәр жылы грант ушын 1 млрд сум ажыратылып, олар керекли пәнлердиң өзлестирилиўине қарап кәмбағал шаңарақ перзентлерине шәртнама пулларының 20-80 процентине шекем төлеп бериледи дегенин еситип, қаншадан-қанша жасларға жоқары мағлыўматлы болыўларына жол ашылатуғыны ҳәм олар өзлериниң жолын таўып, тек өзлерин емес, ал шаңарақ ағзаларын да жақсы турмысқа бағдарлайтуғыны мени қуўандырды.
Алдынлары жоқары оқыў орынларына кире алмай, сырт еллерге жумыс ислеў ушын кеткен ҳаял-қызларымыз ҳәм жасларымыз жүдә көпшиликти қурайтуғын еди. Ал, ҳәзир болса жоқарыдағыдай мүмкиншиликлер, көпшиликтиң сол әрманларының орынланыўына себеп болатуғыны сөзсиз.
Мен өзим әллеқашан студент болыў бахтына миясар болған болсамда, студент болыўды мақсет еткен апа-сиңлилерим ушын қатты қуўандым. Себеби, ҳаял-қызлар шаңарақтың уйытқысы. Олар саўатлы болса, жәмийетимизге оқымыслы перзентлерди камалға келтирип, шаңарақтың экономикасын жақсылаўда да ер азаматлар менен бир қатарда турып мийнет етип, жәмийеттиң раўажланыўы ушын өз хызметлерин аямайды.
Мине, бир неше жыллардан берли журтбасшымыз жәмийетимиздиң раўажланыўы ушын жоқары мағлыўматлылар санын арттырыўға, алыс аймақлардағы жаслардың жеңилликлер тийкарында жоқары оқыў орынларына кириўине шараят жаратып атырғанлығы алдын болмаған мүмкишилик десем қәтелеспеймен.
Есимде, мен еле бала ўақытларымда әжапамнан Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде қанша студент оқыйды деп сорағанымда 7 я 8 мың деп жуўап бергени, ал, ҳәзир болса мен сол университетте 40 мыңға шамалас студенттиң биримен. Демек, бунда жоқарыдағы жеңиллеклерден соң тек ғана бизиң оқыў дәргайымызда студенлик бахтына ерисетуғын жаслар саны және бир қаншаға артатуғыны көринип тур. Бир неше жыллардан берли жоқары оқыў орнына кире алмай жүрген жасларымыз ҳәзир оқыў менен бирге жумыс, қосымша сабақларға, дөгереклерге белсене қатнасып, өзиниң қәбилетлерин ашыўына, дүньяқарасының кеңейиўине себепши болмақта. Биз жаслар мәмлекетимизде усындай имканиятлар жаратылып атырғанлығы ущын ҳүрметли Президентимизден миннетдармыз. Бул имканиятларды оқыў орынларын питкерип, қәнигелигимиз бойынша жумыс ислеп, елимиздиң раўажланыўы ушын үлес қосыўымыз бенен ақлаўға ҳәрекет етемиз.
Айгүл Абатниязова, Бердақ атындағы ҚМУ филология ҳәм журналистика факультети мәлимлеме хызмети бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги