Қәдирли ўатанласлар!
Жанажан Өзбекстанымыз өзиниӊ мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығын кеңнен белгилеп, әне сол дәўирде басып өткен оғада қыйын ҳәм даңқлы жолда ерискен табыслары менен шеклерин терең таллап ҳәм жуўмақ шығарып, және де үлкен ўазыйпаларды белгилеп атырған мине, усы гөззал күнлерде жүреклеримизде Ўатанға меҳир ҳәм мақтаныш, өз күши ҳәм имканиятларымызға исеним туйғысы және де күшеймекте.
Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында ислеп шығылған ҳәм избе-из әмелге асырылып атырған Жаңа Өзбекстанныӊ раўажланыў стратегиясы әмелде қандай үлкен нәтийжелер берип атырғанын ҳәр биримиз өз турмысымызда ҳәм жумысымызда айқын көрип, сезип келмектемиз.
Қысқа мүддетте мәмлекетимиздиң сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, мәдений-гуманитарлық бағдарлардағы раўажланыў пәтлери кескин өзгерип, жаңаша сапа ҳәм мазмунға ийе болып, оғада үлкен қүдирет ҳәм күшке ийе болып бармақта.
Ең әҳмийетлиси, елимизде мәмлекет ҳәм жәмийет сүйениши болған халқымызға, оның раўажланыў потенциалына мүнәсибет пүткиллей өзгерди.
Инсан, оның еркин ҳәм абадан турмысы барлық реформалар орайында туратуғын бас мақсетке айланды. Инсан қәдирин, ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў Конституция ҳәм нызамларымыз дәрежесинде қатаң қағыйда сыпатында беккемленип, барлық дәрежедеги мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, басшы хызметкерлер жумысының тийкарғы критериясы болып бармақта.
Экономикамызға дүнья көлеминде әҳмийетли тенденцияға айланып атырған санлы ҳәм «жасыл» технологиялар жедел кирип келмекте. Мәмлекетимизде исбилерменлик кең көлемде раўажланбақта.
Дүньяда ҳәм регионымызда досларымыз ҳәм шериклеримиз көбейип, мәмлекетимиздиң халықаралық көлемдеги абырай-мәртебеси турақлы өсип бармақта.
Әлбетте, булардың барлығы турмысымыздыӊ түрли тараўларында бурын қыялымызға келтирип болмайтуғын әмелий нәтийжелер бермекте.
Ўатанымыз ҳәр тәреплеме раўажланған, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәр бир инсан еркин жасап, мийнет ететуғын, заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерге ийе перзентлеримиз өз бахтын әйне сол диярда табатуғын, дүньядағы ең гөззал, тыныш ҳәм абадан мәмлекет болыўын бәршемиз әрман етемиз ҳәм сол мақсет жолында пүткил барлығымыз бенен ҳәрекет етиўге таярмыз.
Мәмлекетимиз басшысының алып барып атырған кең көлемли, ақыллы сиясаты, әмелге асырып атырған реформалары әне, усы уллы мақсетке қаратылған.
Бул жолда Журтбасшымызды қоллап-қуўатлаў тиреў болыў – бул бәршемиз умтылып атырған келешекти, шаңарағымыз, перзентлеримиздиң бахыт-ығбалын тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли шәрти ҳәм гиреўи.
Ҳүрметли заманласлар!
Биз сиз, әзизлерге әне сондай уллы шақырықлар менен мүрәжат етер екенбиз, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Жаңа Өзбекстанныӊ раўажланыў стратегиясының ажыралмас бир бөлеги сыпатында алға қойылып атырған ҳәм кейинги жылларда арнаўлы мәмлекетлик бағдарлама тийкарында әмелге асырылып атырған кәмбағаллықты қысқартыў мәселесине айрықша итибарыңызды қаратпақшымыз.
Мәмлекетимиз басшысы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жоқары минберинен елимиз халқының көпшилик бөлеги арасында кәмбағаллық бар екенин атап өтип, мәмлекетимизде бул машқаланы шешиўге қарар етилгенин жәҳән жәмийетшилигине жәриялаған еди.
Бул, әлбетте, халқымызға болған жоқары меҳир ҳәм ғамхорлық, Өзбекстанды раўажланған мәмлекетлер қатарына көтериў жолындағы исенимли ҳәрекетлердиң және бир көриниси еди.
Үшинши Ренессанстыӊ тийкарын қурыў сыяқлы тарийхый миссияны мойнына алған халқымыз жетекшиси, бәринен бурын бул мақсетлер жолында халықтың кем тәмийинленген қатламыныӊ турмыс шараятын жақсылаў, оның өмирден разы болып, бахытлы жасаўын, өзиниң ең жоқары мақсети етип белгилегени миллетимиз бахты емес пе?
Бәршемизге белгили, ҳүрметли Президентимиз кәмбағаллықты қысқартыў бойынша кескин гүрести баслаған ўақытта 7,5 миллион яки жәми халықтың 23 проценти кәмбағаллық дәрежесинде деп анықланған еди.
Кәмбағал пуқараларды күшли ҳәм мәнзилли социаллық қорғаўды нәзерде тутатуғын нызамшылық тийкарлары жаратылды. Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм «Инсан» социаллық хызметлер орайлары шөлкемлестирилди. «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери», «Меҳир дәптери» сыяқлы улыўма жаңа шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлери иске түсирилди.
Бул бағдарға жумсалып атырған қәрежетлер муғдары жылдан-жылға турақлы көбейтилди.
Атап айтқанда, 2020-жылы халықты социаллық қорғаўға 3,7 триллион сум қаратылған болса, 2023-жылы 12,3 триллион сум жумсалды. Кейинги 3 жылда пенсиялардыӊ муғдары да 1,5 есеге көбейди.
Мәҳәлледе кәмбағаллықты қысқартыў, исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыў ушын 35 триллион сумлық арзан кредит ҳәм 7 триллион сум субсидия ажыратылды, 260 мың гектар жер 800 мың халыққа дәрамат табыўы ушын тарқатылды.
Өткен дәўирде халқымыз саны 3,7 миллионға көбейиў менен бирге, кәмбағаллықты белгилеў шегарасы да 1,5 есеге көтерилди.
Нәтийжели ҳәм әдалатлы социаллық сиясат ҳәм мәнзилли ҳәм анық илажлар көрилиўи нәтийжесинде усы қысқа пурсатта 3,5 миллион халық жетерли дәрежеде дәраматлы болды ҳәм 2023-жылдың жуўмағы менен кәмбағаллық дәрежесиниң 11 процентке түсиўине ерисилди.
Бул көрсеткишлер Жаңа Өзбекстанның бас ураны етип «Инсан қәдири ушын!» деген халықшыл принцип белгиленгени, халықтың турмысын еркин ҳәм абадан етиў, адамларды усы әзиз журттыӊ раўажланыўы жолында бирлестирсек уллы нийетти халқымыз қаншелли қоллап-қуўатлап ҳәм жәмийетшилик пенен қарсы алып атырғанының анық дәлили болып есапланады.
Әзиз ўатанласлар!
Күни кеше Өзбекстан Президенти кәмбағаллықты қысқартыў мәселесин және бир мәрте жүдә қатаң тәризде күн тәртибине алып шықты. Ҳүрметли Журтбасшымыздың басламасы менен кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик сиясаттыӊ ең әҳмийетли мәселеси болып қалатуғыны белгиленди.
Бул тарийхый қарар!
Буннан былай халықтыӊ дәраматларын асырыўдай уллы мақсет мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жуўапкерлериниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири сыпатында белгиленди.
Биз бүгин Жаңа Өзбекстан халқына мүрәжаат етер екенбиз, сондай сораўларды ортаға қоймақшымыз:
Кәмбағаллық не? Ол қалай пайда болады ҳәм оның себеплери неде? Кәмбағаллықты қалайынша етип жеңе аламыз?
Кәмбағаллық тек нызамлар ҳәм пәрманлар шығарыў менен емес, ал жәмийеттиң улыўмамиллий мобилизацияланыўы, бирлиги, усындай тилек ҳәм умтылыс пенен жасаўы есабынан азаяды.
Бундай философиялық сораўдан мақсет сол, биз адамлардың дүньяқарасы, өмирге мүнәсибетин дурыс қәлиплестире алмайтуғын болсақ, демек, ата-бабаларымызға тән болмаған жатып ишерлик, өзи боладылық сыяқлы иллетлер бизди узақ жыллар кәмбағаллықта услап тура береди.
Өткен жыллар даўамында кәмбағаллықты қысқартыўға тосқынлық етип атырған машқалалар да терең талланды. Олардыӊ арасында бәршемиздиң көз алдымызда кеңнен ен жайып атырған, халқымыздың әзелий үрп-әдетлерине жат болған дәбдебе, ысырапгершилик, кимоздыға той-мерекелер өткериў, зәўлим жайлар салыў сыяқлыларын келтирип өтиў мүмкин.
Мәмлекетимиз халқының жедел пәтлерде көбейип атырғаны жүдә қуўанышлы болса, нәўқыран әўладты оқытыў, перзетлерди билимли, өмирге таяр етип тәрбиялаўдай үлкен ўазыйпалар да алдымызда турыпты, миллеттиң ертеӊин ойлайтуғын халық бул мәселелерди терең ойлаў, өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм аўызбиршилик пенен ғана шешилетуғынын бәршемиз терең аңлайтуғын ўақыт келди.
Солай екен, ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында кәмбағаллықты қысқартыў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде алға қойылған ҳәр бир мәселе артында инсан тәғдири, оның ертеңги күни, шаңарақтыӊ абаданлығы ҳәм ақыбетинде журт тынышлығы, ҳадаллық, әдиллик ҳәм жынаятшылықтың азайыўы турғаны әйне ҳақыйқат болып саналады.
Солай екен, жәмийетте ҳеш бир адам бул ислерге бийпәрўа қарап турыўға ҳақылы емес, деп ойлаймыз! Ҳәр бир мәҳәлле белсендиси, мектеплер ҳәм жоқары билимлендириў тараўы жуўапкерлери өз жумысын әдиллик көз қарасынан қайта көрип шығыўы зәрүр, деп есаплаймыз.
Биз барлық заманласларымыз – исбилерменлер, зыялылар, кәсиплик аўқамлары белсендилери ҳәм нуранийлер, илимпазлар, оқытыўшы ҳәм узтазларды, дөретиўши зиялыларды социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға ҳәр тәреплеме – тек ғана материаллық емес, ал руўхый ийинлес болыўға шақырамыз.
Биз бул жолда исбилерменлердиң ҳәр бир қосқан үлесине мәмлекеттиң айрықша итибары, жеңилликлери системасы қәлиплестирилгенин, кәмбағаллықта жасап атырғанларға берилген ҳәр қандай жәрдемниӊ есапта екенин айрықша атап өткен ҳалда, керисинше ҳәр бир инсан өз жерлесиниң досты, әжапасы ҳәм әжағасындай жақын болыўын аңлаўдың әйне пурсаты келгенин атап өтиўди қәлер едик.
Кәмбағаллық қайғы, ол бир адамның емес, жәмийеттиң, халықтың кемшилиги, қәтеси, итибарсызлығы, бийпәрўалығын жемиси ҳәм оған қарсы гүрестиӊ бәршемиздиң миннетемиз, деген қарасты ҳәр бир инсан жүрегине сиңдириўин мақсет етип алыўымыз керек.
Себеби кәмбағаллықта жасаў инсанды өмирден суўытады, оның ертеңги күнге үмитин сөндириў, оны бийпәрўа ҳәм мақсетсиз адамға айландырады.
Сонлықтан, бул машқаланы шешиў жәмийеттиң барлық ағзасына тийисли мәселе болып табылады.
Әзиз заманласлар!
Мәмлекетимизде кәмбағаллықты қысқартыў бойынша алып барылып атырған жумыслардыӊ көлеми ҳәм нәтийжелер қаншеллик қыйын болмасын, Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда пүткил халқымызға шақырық пенен шықпақта.
Президентимиз кәмбағаллықты қысқартыўды улыўмамиллий ҳәрекетке айландырыў басламасын алға қоймақта.
Бул мәселе бойынша арнаўлы «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы ислеп шығылмақта.
Халқымыз сайлаған ҳәр бир депутат, ҳүкимет ағзасы, орынлардағы ҳәкимнен баслап, мәҳәлле жетилигине шекемги жуўапкерлер билип алсын, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен олардың жумысы тек ҳәм тек халыққа жаратып атырған шараятлар, орынлардағы әпиўайы халықтың абаданлығы менен баҳаланады.
Қәдирли заманласлар!
Биз усы әзиз журтты шын жүректен сүйетуғын ҳәр бир инсанды усы муқаддес идея, уллы баслама әтирапында бирлесиўге шақырамыз.
Жәмийетимизде жыллар даўамында терең тамыр жайған кәмбағаллық «кеселлиги»ин емлеўде, кейинги бир жылда кәмбағаллық дәрежесин сезилерли рәўиште түсириўде бәршемиз бир жағадан бас шығарып, Мәмлекетимиз басшысы әтирапында бирлесейик!
Бәринен бурын, кәмбағаллыққа түсип қалған ҳәр бир инсанға мүнәсибетимизди өзгертейик! Бундай инсанларды басқа емес, өз туўысқанымыз, перзентимиз қатарында ардақлайық, оларға усы муқаддес Ўатанға болған муҳаббат сезимин үгит-нәсиятлайық, имканиятымыз барынша оларды мүнәсип жасаў ушын хошеметлейик, оларға ҳәр тәреплеме жәрдем берейик!
Жәмийетимизде кәмбағаллықты кескин азайтыў бойынша ҳүрметли Президентимиздиң басламаларын қоллап-қўатлаған ҳалда, биз – кәсиплик аўқамлары белсендилери ҳәм республика нуранийлери төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырыўды белгилеп алмақтамыз:
бириншиден, мәҳәлле жетилиги менен биргеликте жаӊарақларға барып, шаңарақ ағзаларының биреўи дәраматлы жумыс пенен бәнт болмаған яки шаңарақ бағыўшысы жалғыз болғаны себепли аўыр социаллық аўҳалға түсип қалған шаңарақлардың дизимин дүзиў;
екиншиден, ҳәр бир район ҳәм қалада 10 нан мүтәжлиги бар шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў, атап айтқанда, олардың денсаўлығын тиклеў ҳәм оқытыўдан баслап, турақлы дәраматқа ийе болыўына шекем жәрдем берип барыў;
үшиншиден, кем тәмийинленген халықты кооперацияларға тартыў, исбилерменликке ҳәм кәсипке үйретиў, жумыс орнын жаратыўшы исбилерменлер менен бирге ислесиўди орнатыў ҳәр жылы 5 мың жаңа жумыс орнын жаратыў;
төртиншиден, мийнет етип дәраматлы болыў тилегин билдирген жасларды кәсипке үйретиў, кеминде 5 миллион сум дәрамат табатуғын жумыс пенен бәнт етиў илажларын көриў;
бесиншиден, ислеў тилегиндеги, имканияты шекленген халық ўәкиллериниң 5 мыңына майыплық арбашасы ҳәм басқа реабилитация қуралларын берип, кеселликлерди емлеўге жәрдемлесиў, оларды дәраматлы кәсиплерге үйретиў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў;
алтыншыдан, бир жылда 5 мың майыплығы болған баланы реабилитация орайларында емлеўде жәрдемлесиў;
жетиншиден, мүтәжлиги бар шаңарақлардың қәбилетли жигит ҳәм қызлары мәмлекетимиз ҳәм сырт ел университетлерине грант қолға киргизиўи ушын жәпдем бериў, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар академиясында ҳәр жылы 100 мүтәжлиги бар пуқараның перзентин оқытып, оларды жумыс пенен тәмийинлеўге жәрдемлесиў;
сегизиншиден, кем тәмийинленген шаңарақлардың 4 мың перзентин балалар дем алыў лагерлеринде бийпул саламатландырыў;
тоғызыншыдан, кем тәмийинленген шаңарақлардың 100 перзентин суў спорты комплекслеринде бийпул саламатландырыў;
оныншыдан, 1 мың мүтәжлиги бар пуқара ҳәм 1,5 мың жалғыз нуранийди системадағы санаторийларда бийпул саламатландырыў;
он бириншиден, 10,5 мың нуранийдиң саламатлығын тиклеў ушын спорт комплекслерине абонемент қәрежетлерин қаплап бериў;
он екиншиден, ҳәр жылы Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары, мийнет фронты нуранийлери, басқалардыӊ күтимине мүтәж болған жалғыз кекселерден
37 мыңының жағдайынан хабар алыў, турақ-жай шараятларын жақсылаў;
он үшиншиден, нураний ҳәм мүтәжлиги бар 200 мың пуқараны елимиздиң гөззал орынларында дем алыўын шөлкемлестирип, усы жерде оларға исбилерменлик көнликпелерин үйретиў бойынша мотивациялық семинарлар шөлкемлестириў.
Ҳүрметли заманласлар!
Бул уллы жолда қайсы кәсип ийеси, қайсы миллет ҳәм ел перзенти болса да, ҳеш ким шетте қалмаўы керек!
Усы мақсетте бәршемиз бирлесип, елимизди абат ҳәм абадан мәмлекетке айландырайық!
«Биз бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!»