Қашанда, кеўиллер жақын болса, бундай адамлардың арасына ҳеш ким түсе алмайды. Орайлық Азия халықлары тили, мәденияты, бәлким кеўили жақын болғаны ушын да оларда руўхый жақынлық, бир-бирине ҳүрмет ҳәм иззет жүдә жоқары.

Дурыс, оларды гейде шегаралар, гейде түрли себеплер бираз ажыратқан. Бирақ бүгин бул халықлардың дослығы, бирге ислесиўи жаңадан басланды. Әлбетте, бул басынан емес, әзелий туўысқанлық байланыслары, айтыў керек болса, бүгин жоқары перделерде даўам етпекте.

Бунда Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетте кең көлемли реформаларды баслағанда, сыртқы сиясаттың әҳмийетли бағдары сыпатында Орайлық Азия регионын белгилегени әҳмийетли орын тутты. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен региондағы 5 мәмлекет жетекшилериниң саммити (Мәсләҳәт кеңеси)н өткерип барыў басламасын алға қойғаны туўысқанлардың бирлигине кең жол ашып берди.

Бул тек регионымызда емес, ал пүткил дүньяда цивилизация бесиклеринен бири сыпатында тән алынған Хийўа қаласында өткерилген Орайлық Азия парламентлери екинши форумында қайта-қайта атап өтилди. Буны региондағы парламентлер басшылары ғана емес, ал абырайлы халықаралық шөлкем болған БМШ ўәкили де атап өтип, жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген Хийўа форумы ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық билдирди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева региондағы бирге ислесиў форматы турақлы сөйлесиў майданы, өз-ара әҳмийетли мәселелерди додалаў ҳәм шешиўдиң нәтийжели механизмине айланғанын атап өтти. Мәмлекетлеримиз басшыларының басламасы ҳәм сиясий ери-ықрары нәтийжесинде жолға қойылған интеграция процесслери саўда-экономикалық, мәдений-руўхый тараўлардағы бирге ислесиўдиң жедделесиўине кең жол ашты. Буннан алдын шегара, транспорт, суў ресурслары, саўда тараўларында бир қатар қарама-қарсылықлар шешилген болса, бүгин региондағы өз-ара бирге ислесиў мәмлекетлеримизди раўажланыў жолына алып шығыўда әҳмийетли орын тутпақта.

Атап айтқанда, шегаралық машқалаларды шешиў мақсетинде Өзбекстан Қазақстан менен шегараны ҳуқықый рәсмийлестириўди толық жуўмақлады, Түркменстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан менен шегараны делимитациялады. Шегарадағы онлаған өткериў пунктлери өз жумысын тиклеп, мәмлекетлеримиз арасында адамлардың ҳәрекетлениўин сезилерли дәрежеде әпиўайыластырды.

Қырғызстан менен шегарадан өтиўде пуқараларымыз ушын ишки ҳүжжет (ID-карта)тиң өзи жетерли болмақта. Әне, бундай тәртип Қазақстан тәрепи менен де додаланбақта.

Сондай-ақ, региондағы тынышлық ҳәм қәўипсизлик көпшилик жағдайда Аўғанстандағы жағдай менен байланыслылығын есапқа алған ҳалда региондағы барлық мәмлекетлер бүгин бул мәмлекеттеги турақлылыққа әскерий шешимсиз, тек ғана социаллық-экономикалық раўажланыў арқалы ерисиў мүмкинлиги бойынша позицияларын қәлиплестирген.

Форум шеңберинде Сенат Баслығы Т.Норбоева Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан парламентлери палаталарының басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди. Онда парламентлераралық байланысларды жаңа мазмун менен байытыў, жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыўда парламент қадағалаўынан нәтийжели пайдаланыў мәселелери көрип шығылды.

Форум шеңберинде қатнасыўшылар 4 панель сессияларға бөлинген ҳалда келешекте әмелге асырылатуғын жумыслар, бул бағдарда парламент дипломатиясы имканиятларынан кеңирек пайдаланыў бойынша пикир алысты.

Биринши панель сессия Орайлық Азия мәмлекетлери парламентлераралық комиссиялары ҳәм дослық топарларының регионды социаллық-экономикалық раўажландырыўдағы жумысын және де күшейтиўге арналды.

Өзбекстан Сенатының Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығы Р.Алимов басқарып барған мәжилисте Өзбекстанда әмелге асырылып атырған демократиялық, социаллық-экономикалық реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Парламентлердиң ўәкиллери көп әсирлик байланыслар, жақсы қоңсышылық, өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеў ушын парламентлераралық комиссиялар ҳәм дослық топарлары жумысын кеңейтиў кереклигин атап өтти. Илимий, экспертлик ҳәм мәлимлеме-таллаў хызметлериниң бирге ислесиўин системалы жолға қойыў, аймақтың әҳмийетли машқалаларын шешиўде комиссиялар, дослық топарлары ҳәм комитетлер белсендилигин және де арттырыў кереклиги айырықша атап өтилди. Бул бағдардағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў бойынша илажлар белгиленди.

Екинши панель сессияда аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўда Орайлық Азия мәмлекетлери жергиликли ўәкиллик уйымларының өз-ара бирге ислесиўи мәселелери додаланды. Буны шегаралық аймақларда кең жолға қойыўға келисилди.

Үшинши панель сессияда регионды социаллық-экономикалық раўажландырыўда парламентте ҳаял-қыз ағзаларының белсене қатнасыўын кеңейтиў мәселеси көрип шығылды. Сиясий, экономикалық ҳәм социаллық турмыстың барлық тараўларында ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў бойынша жаңа басламалар алға қойылды ҳәм усы бағдардағы ис-ҳәрекетлер ҳәм имканиятларды бирлестиретуғын әҳмийетли механизм ҳәм қуралларды қолланыўға байланыслы илажлар белгиленди.

Форумның төртинши сессиясында регион дәрежесиндеги тийкарғы социаллық-экономикалық мәселелерди шешиўде жаслардың қатнасыўы додаланды. Жаслар парламентиниң әҳмийетли қарарлар қабыл етиўде белсене қатнасып атырғаны атап өтилип, бул бағдардағы жумысларды және де жеделлестириў, өз-ара тәжирийбе алмасыў зәрүрлиги бойынша бир тоқтамға келинди.

Форум шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлери парламент топламлары басшыларының сөйлесиўи болып өтти. Онда форум даўамында додаланған мәселелер ҳәм илгери сүрилген усыныс ҳәм басламалар, атап өтилген ўазыйпалар орынланыўын тәмийинлеўде парламентлер аппаратлары хызметкерлериниң белсене қатнасыўы айырықша әҳмийетке ийе болыўы атап өтилди. Ушырасыў жуўмағында парламентлераралық байланыслардың раўажланыў динамикасын таллаў, регион мәмлекетлери парламентлериниң илимий, экспертлик ҳәм мәлимлеме-таллаў хызметлериниң бирге ислесиў системасын жеделлестириўге келисип алынды.

Усының менен регион парламент ўәкиллериниң Хийўа форумы жуўмағына жетти. Форумда қабылланған Хийўа декларациясында нәзерде тутылған биргеликте әмелге асырылатуғын жумыслар регион халықларының тынышлығы, турмысы абаданласып барыўына хызмет етеди.

 

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзА хабаршысы