«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 100 жыллығы алдынан

Гиннеске кирген қара үй, Тахтакөпирдеги “Қара терең” туристлик комплексиндеги отаўларды безеў жумыслары, оннан соң “Әжинияз” көркем публицистикалық фильмин сүўретке алыўда қатнасып жүрип газета оқыўға онша ўақтым болмады. Бүгин басқа жумысларды ысырып қойып өзимиздеги китапханаға барып арқайын газета оқыдым. Бир жақсы жери бизиң китапханамызда барлық мүмкиншилик бар, газеталар көп, бәри избе изликте тигилген. Залымыз ыссы, кең, жақтылы болып китапханашы Халима бәрхама хызметке таяр, әлпайымлық пенен күтип алады, сораған китапты, газетаны дәрриў алдыңа қояды. Бир шеттеги тақланған газеталардың арасынан “Еркин Қарақалпақстан” газетасының кейинги санларын алдым. Қызығып оқыйтуғын мақалалар көп екен, солардың ишинен  Пердегүл Хожамуратованың усы газетаның 100 жыллық юбилейи алдынан бирге ислескен бираз қәдирдан кәсиплеслерине арнап жазған мақалаларын бас көтерместен оқып шықтым. Буған,бириншиден Пердегүл менен жақсы таныслығым, және оның жүдә ғана әпиўайы тил менен кәмине келтирип жазатуғыны себеп болса, екиншиден ол тәрийплеп жазған газета хызметкерлериниң биразын билетуғыным еди. Пердегүлдиң мақаласын оқығаннан кейин менде бираз еслеўлерди жазғым келди. Музейдеги жаңалықлар, миллий мийраслар хаққында  жазып биринши рет редакцияға барғанымда не бир пидайы инсанлар ислеген босағадан жүрегим дүрсилдеп атлағанман. Узын дәлиздиң еки тәрепиндеги бөлмелерде өз кәсибин жақсы көрип газетаның хәр бир санының мазмунлы шығыўына итибар беретуғын дөретиўшилер, техник хызметкерлер отыратуғын еди. Олардың бәри редакцияға келгенлерди жақсы күтип алып мақала жазып келсе қабыллап, сәўбетлеседи. Олардан Оразбай Сәтбаевты, Бийбижамал Караматдинованы, Пердегүл Хожамуратованы өзиме жүдә жақын көргеним ушын ҳәр барғанымда арқайын сөйлесип, пикирлесип отырғанбыз. Жумысы тығыз ҳәм көп болыўына қарамастан есиктен кириўден орнынан ушып турып” апа келиң” деп күтип алатуғын Оразбайдың пенсияға шығып кеткенин еситкенимде ҳайран қалдым, мениң қыялымда ол еле жастай көринетуғын еди. Жумысына пуқта, тап туйнақтай туяна Оразбайдың жазған қосықларын рәҳәтленип оқыйсаң, аўыл турмысына, ата ана, өмир мәўритлерине арнап жазған қосықларының ишине ериксиз кирип кетесең, тәсирли жазылған қосықтағы мазмун көз алдыңда кино көргендей дизилисип өте береди. Дем алысқа шыққаннан соң жазған қосықларын журналдан оқып қуўандым, илҳамы йошы арта беретуғын шайыр  ол. Пердегүл менен Бийбижамал екеўи ҳаққында жазсам бәрҳама  жаңалықты излейтуғын, салдаманлы, сөзиңди тыңлап болғаннан соң ғана өз пикирлерин айтып сениң не айтажағыңды түсинип, соны қалай жазып келгениңди асықпай оқыйтуғын итибарлы тәреплерин айтқым келди. Улыўма, үй бийкеси, мийирман ана болыў менен бирге искер дөретиўши инсанлар ретинде журналист қызлар менен сәўбетлесиўдиң нәшеси  өз алдына ғой, себеби бир биримизди тез түсинемиз. Пердегүлдиң журналистика бойынша емес басқа бағдарда дипломлы қәниге екенин еситкеннен соң оның нағыз тәбийғый талант ийеси екенин билдим. Турмыстың не бир машқалалары, қыз келиншеклердиң тәшўиши менен қуўанышы, кемшилик пенен жетискенликлер бәри, бәри оның нәзеринен сыртта қалма сирә. Мақаланы әп-әнедей етип сөзлерди орны менен пайдаланып жүдә мазмунлы жазатуғыны хақыйқат. Оның менен барлық темада сәўбетлесесең, жәмийетте орны бар, турмыс, шаңарақ, ана сыпатында да өз түсинигине ийе журналист екени жазғанларында айқын сәўлеленеди. Айта берсең “Еркин…” де ислеген, ҳәзир ҳүрметли демалыстағы хызметкерлер ҳаққында еске түсириўлерим жүдә көп, олардан үйренгенлерим де бар, ҳәзирги күнде ара-тура жазысып болсада сәўбетлесип турамыз.

Айгүл Пирназарова,

И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик

 көркем өнер музейиниң бөлим баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги