«Мәденият ҳәм көркем өнер, мәлимлеме-китапхана ҳәм музейлер тараўында жумыс алып барып атырған хызметкерлердиң мийнет ҳақысы муғдарларын арттырыў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-400-санлы, 22.11.2024ж) қабыл етилди.
Қарарға бола, мәмлекетлик мәкемелер ҳәм шөлкемлер хызметкерлериниң мийнет ҳақысы төмендеги муғдарларда арттырылады:
-2025-жыл 1-январьдан баслап – 20 процентке;
-2025-жыл 1-июльден баслап – және 15 процентке арттырылады.
Мәмлекетлик мәденият мәкемелер ҳәм шөлкемлеринде хызмет көрсетип атырған хызметкерлердиң жумыс нәтийжелилигин баҳалаў (KPI) системасы енгизиледи,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги