«Өзбекстан Миллий симфониялық оркестриниң жумысын қоллап-қуўатлаў сондай-ақ, миллий ҳәм дүнья классикалық музыка көркем өнери менен халықты және де кеңирек таныстырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-4010санлы, 22.11.2024) қабыл етилди.
Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Өзбекстан Миллий симфониялық оркестри хызметкерлериниң мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарына есапланатуғын базалық лаўазым мийнет ҳақыларының муғдарлары 2025-жыл 1-январьдан баслап, оркестрдиңҮ
– көркемлик жақтан – басшы хызметкерлери ушын – 4,0 коэффициентке;
– жоқары ҳәм биринши категориялы артистлер ушын – 1,17 коэффициенттен 4,0 коэффициентке;
– екинши категориялы ҳәм категориясыз артистлер ушын – 1,17 коэффициенттен 3,0 коэффициентке арттырылған ҳалда белгиленди.
Мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер ҳәм кәрханалар өзиниң хызметкерлерин миллий ҳәм дүнья классикалық музыка көркем өнериниң шығармалары менен таныстырыўы ушын билетлер ҳәм абонементлер сатып алыў әмелияты жолға қойылады.
Тәжирийбели дирижёрлар ҳәм оркестр атқарыўшыларының шеберлик мектеплериниң жумысы жолға қойылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги