Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Жүзбаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң Суў хожалығында реформалар орайының баслығы И.Жўраев пенен биргеликте районларда суўғарыў тармақларындағы гүзги-қысқы илажлар шеңбериндеги тазалаў, ишки каналларды бетонлаў жумысларын орынларға шығып үйренбекте.
Шымбай районындағы Тазғара аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Марат часавик” хожалықлар аралық каналына экскаватор қосылып, қазып тазалаў жумыслары басланды. Усы каналдың 0,5 километрлик бөлегин бетонлаў да нәзерде тутылған болып, ҳәзирги ўақытта механизм ҳәм қол күши жәрдеминде тазалаў ҳәм бетонлаўға таярлаў жумыслары алып барылмақта.
Соның менен бирге, райондағы “Бессары” хожалықлар аралық каналының бетонланып атырған бөлеги де барып көрилди. Ондағы жумысларды жеделлестириў бойынша тапсырмалар берилди.
– Усы каналды өз есабымыздан жумысшыларымыз бенен бетонлап атырмыз,-дейди Шымбай районы «Суў жеткериў хызмети» мәмлекетлик мәкемесиниң директоры А.Қәдирбаев. – Мине бүгин министрликтиң жуўапкерлери тәрепинен берилген тапсырмалар тийкарында бетонлаў ҳәм суўғарыў тармақларын тазалаў, гидроқурылмаларды оңлаў бойынша жумысларымызды басқышпа-басқыш әмелге асырамыз.
Мағлыўмат берилиўинше, ҳәзирги ўақытта бетонлаў жумыслары басланған «Бессары» каналының улыўма узынлығы 2,5 километрди қурап, каналда тазалаў ҳәм бетонлаў жумыслары жуўмақланғанан кейин, «Қоблан Нурлан», «Жүзбасы», «Дилшодбек Шерзодбек» фермер хожалықларының ҳәм аймақтағы халықтың қыйтақ жерлерине суў жеткериў жақсыланады.
Суў хожалығы жуўапкерлери Тахтакөпир районында да болып, ишки каналларды бетонлаў жумысларын сын көзқарастан талқылады ҳәм районның “Суў жеткериў хызмети” мәмлекетлик мәкемесиниң директоры Д.Палўановқа каналларды бетонлаўға таярлаў ҳәм сапалы бетонлаў бойынша көрсетпелер берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги