Президент Шавкат Мирзиёев 26-ноябрь күни Наманган ўәлаятында инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў илажлары бойынша мәжилис өткерди.

Өткен он айда ўәлаятта 681 жойбар орынланып, 21 мың жумыс орны жаратылған. 21 триллион сумнан аслам өним ислеп шығарылып, 702 миллион долларлық экспорт етилген. Жылдың ақырына шекем ўәлаят экономикасының 8 процентке өсиўи күтилмекте.

Енди келеси жылға шек алыў зәрүр. Сонлықтан барлық аймақларға жумысшы топар жиберилип, исбилерменлердиң усыныслары үйренилип, режелер қәлиплестирилмекте.

Наманган ўәлаятында 527 миллион долларлық 182 жаңа жойбар имканияты анықланған. Мәселен, Наманган қаласы «Бәркамал әўлад» мәҳәллесиндеги киши санаат зонасы кеңейтилсе, 60 миллион долларлық былғары-аяқ кийим жойбарын жайластырыў мүмкин. Мыңбулақтағы «Наманган» массивинде усындай зона шөлкемлестирилсе, 25 миллион долларлық санаат жойбарларына шараят болады.

Поплы исбилермен АҚШлы бирге ислесиўшилер менен 80 миллион доллар инвестиция киргизип, жылына 1,8 миллион тонна флюорит тасын қайта ислеў усынысын берген. Нәтийжеде 200 жумыс орны, 70 миллион доллар экспорт имканияты пайда болады. Және бир кәрхана 40 миллион доллар инвестиция киргизип, 5 мың гектарда дәрилик өсимлик жетистириў, кондитер ислеп шығарыў ҳәм туризм мәканын шөлкемлестириў тилегин билдирген.

Бул райондағы жер асты суўлары жақын жерлерге салы, ғәлле, дәрилик ҳәм от-жемге қолайлы егинлер, Нарын районындағы мелиоратив тик қудықлар әтирапында балық жетистириў мүмкин. Чоркесар, Заркент ҳәм Испарон аймақларында суўғарыў жақсыланып, шарўаларға жер ажыратылса, 100 мың бас қарамал ҳәм ешки бағыў имканияты бар.

Янгиқорғанда Аўыл хожалығы техникумы шөлкемлестирилип, картошка жетистириў орайы менен дуал билимлендириўдиң жолға қойылыўы ҳәм маман қәнигелер, ҳәм тийкарғы азық өнимин таярлаўға хызмет етеди. Пал ҳәррешилик хожалықлары менен кооперация арқалы хожалықларда пал ҳәрре бағып, оларды қосымша дәраматлы етсе болады.

Мәжилисте Наманган ўәлаятының ҳәкими усындай имканиятларды иске қосыў бойынша режелерин таныстырды. Атап айтқанда, 2025-жылы Наманган ўәлаятына 4 миллиард 200 миллион доллар инвестиция алып келиў, 34 мың жумыс орнын жаратыў ҳәм 1 миллиард доллар экспорт етиў мөлшерленген.

Ўәлаятта усы жылдың соңында кәмбағаллық дәрежесин 8 проценттен де төменлетиў режелестирилген. 2025-жылы 78 мың халықты кәмбағаллықтан шығарып, бул көрсеткишти 5,3 процентке түсириў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, сырт елде мийнет миграциясында болған 100 мыңға шамалас адамды елимизде жумыс пенен тәмийинлеў мақсет етилген.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, ўәлаят экономикасын комплексли раўажландырыў бойынша қарардың жойбарын киргизиўге көрсетпе берди. Инвесторлардың басламаларын қоллап-қуўатлап, жойбарлары ушын шараят жаратыў, халықты исбилерменликке тартып, бәнтликти тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

ӨзА