Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Архитектура ҳәм қурылыс тараўы ветеранларына қолайлы шараят жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында” қарар қабыл етти.
Оған муўапық, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги ҳәм Өзбекстан архитекторлар аўқамыныӊ Өзбекстан Республикасы архитектура ҳәм қурылыс тараўы ветеранлары кеӊеси мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми дүзиледи.
Ветеранлар кеӊесиниӊ тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат болады:
қала қурылысы ҳәм архитектура тараўын жедел раўажландырыўда архитектура ҳәм қурылыс тараўы ветеранларыныӊ сийрек ушырасатуғын ҳәм бай өмирлик тәжирийбеси, әмелий шеберлиги ҳәм потенциалынан кеӊнен пайдаланыў;
қала қурылысы ҳәм архитектура тараўын раўажландырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў, бул тараўда концепциялар ҳәм бағдарламаларды қәлиплестириўде қатнасыў;
қала қурылысы тараўындағы заманагөй талапларды әмелиятқа енгизиў, миллий архитектура-мәдений дәстүрлерди раўажландырыў, сондай-ақ, қала аймақларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм елатлы пунктлердиӊ архитектура-режелестириўи бойынша усыныслар ислеп шығыў;
қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдалары ҳәм стандартларын заманагөй талаплар тийкарында жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў, сондай-ақ, усы тараўдағы нормативлик ҳүжжетлерди ислеп шығыўда қатнасыў;
ветеранлардыӊ тараўдағы жас қәнигелерди жоқары руўхыйлық, мийнетти сүйгишлик ҳәм ҳәм ўатанды сүйиў руўхында тәрбиялаўда жедел қатнасыўын тәмийинлеў ушын шараятлар жаратыў;
ветеранлардыӊ руўхый мүтәжликлерин қанаатландырыў, нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, мүнәсип турмыс дәрежесин ҳәм социаллық статусын тәмийинлеў;
Кеӊестиӊ республикалық архитектура ҳәм қурылыс тараўындағы мийнет жәмәәтлериниӊ өндирис ҳәм социаллық турмысындағы ҳәм ҳәр бир ветеранды қоллап-қуўатлаў илажлары менен қамтып алыўдағы шөлкемлестириўшилик ролин ҳәм әҳмийетин арттырыў;
ветеранларымыздыӊ социаллық ҳәм материаллық жағдайын жақсылаў, оларға хожалық, медициналық, мәдений ҳәм басқа түрдеги хызметлерди көрсетиў бойынша илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда жәрдемлесиў;
ветеранлардыӊ қатнасыўында руўхый-ағартыўшылық, мәдений ҳәм спорт илажларын шөлкемлестириў, жаслар менен, соныӊ менен бирге, тараўға байланыслы жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде ушырасыўлар өткериў.
Ветеранлар кеӊесиниӊ қарарлары усыныслық характерде болып, Кеӊес тәрепинен тиккелей яки тиккелей емес қурылыс шөлкемлериниӊ қаржы-экономикалық ҳәм өндирислик жумысына араласыўына жол қойылмайды.
ӨзА