Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми планетамыз халқы арасында кексе жастағы адамлардың үлеси менен байланыслы аналитикалық мағлыўматларды жәриялады.
Онда көрсетилиўинше, дүньяда адамлардың орташа өмир сүриў көрсеткиши жыл сайын артып бармақта. Атап айтқанда, 2030-жылға келип, 60 ҳәм оннан үлкен жастағы адамлар Жер жүзи халқының алтыдан бир бөлегин қураўы күтилмекте.
Мәселен, 2020-жылы олардың саны 1 миллиардтан ибарат еди. 2030-жылы бул көрсеткиш 1,4 миллиард адамға жетиўи прогноз етилген.
2050-жылға шекем болса 60 ҳәм оннан үлкен жастағы халықтың муғдары еки есеге көбейеди, яғный 2,1 миллиард адамға көтериледи. Өз гезегинде, 2050-жылға шекем 80 жас ҳәм оннан үлкенлердиң саны үш есеге артып, 426 миллионға жетеди.
Экспертлердиң жуўмағына бола, бул таллаўлар дүнья бойынша халық қурамында кекселердиң үлеси артып барып атырғанын тастыйықлайды. Бул процесс, әсиресе, раўажланған мәмлекетлерде тезлескен.
Мәселен, Японияда 60 жастан жоқары адамлар әллеқашан халықтың 30 процентин қурамақта.
Төмен ямаса орта дәраматлы мәмлекетлерде де 2050-жылға шекем 60 жастан үлкенлер халықтың үштен еки бөлегине жетиўи шамаланбақта.
Бул көрсеткишлер келешекте денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық тәмийнат системаларын усы демографиялық өзгерислерге таярлаў ўазыйпасын күн тәртибине қояды.
ӨзА