Шымбай районы прокуроры Расул Халмуратовтың басламасы менен «Темир жол гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде мийнет ярмаркасы өткерилди.
Оған 2-сектор аймағында жасаўшы пуқаралар қатнасты. Онда районда жайласқан 89 мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер 322 бос (вакант) жумыс орынлары менен қатнасып, ярмарка жуўмағында 14 пуқараға жумысқа орналасыў ушын жолламалар берилди ҳәм 4 жумыссыз жас кәсип-өнерге оқыў ушын арнаўлы курсларға жиберилди.
Сондай-ақ, буннан тысқары илажда 27 пуқараға мийнет қатнасықлары бойынша ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Шарапат Өтемисов қатнасып, ярмаркада пуқаралар ушын усыныс етилген бос жумыс орынлары менен жақыннан танысты ҳәм бул бойынша өзиниң пикирин билдирди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы